КЕМШИЛИКЛЕР СЫНҒА АЛЫНЫП, ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ
Усы жыл 11-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаеваның қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып барды.
Видеобайланыс тәризинде өткен мәжилисте атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары аймақтың экономикалық потенциалын арттырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Усы қарар тийкарында қабыл етилген үш жыллық раўажланыў бағдарламасының орынланыўы үстинен Парламентлик қадағалаўды шөлкемлестириў мақсетинде Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети тәрепинен Сенат ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары менен биргеликте тиккелей орынларға барып турақлы үйрениўлер өткерилмекте.
Үйрениўлер барысында тек ғана қадағалаў илажлары әмелге асырылмастан, исбилерменлер ҳәм белсендилердиң қатнасыўында ушырасыўлар шөлкемлестирилип, олардың машқалаларын орынларда шешиў илажлары көрилмекте.
Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳәбибуллаевтың мәлимлемеси тыңланды.
Бағдарламаға муўапық, 2020-2023-жылларда 1359 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм 17719 жаңа жумыс орнының жаратылыўы белгиленген. Соннан усы жылдың 1-июнь жағдайына 912 жойбар иске түсирилип, 7249 жаңа жумыс орны жаратылды. Соның ишинде, быйылғы жылдың январь-май айларында 113 жойбарды әмелге асырыў арқалы 2597 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген болып, ҳақыйқатында 110 жойбар иске түсирилди ҳәм 2322 жумыс орны жаратылды.
Илажда сондай-ақ, «Мәҳәлле кесиминде» ислеў, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў және оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылған жумысларды үйрениў нәтийжелери ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жумысшы топары тәрепинен Әмиўдәрья, Беруний, Бозатаў, Кегейли, Тахтакөпир, Шоманай, Елликқала районларында секторлардың бул бағдардағы жумыслары үйренилди. «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилгенлер менен ислесиў бойынша қала ҳәм районлардың жумысшы топарлары тәрепинен 350 мыңға шамалас ҳаял-қыздың жағдайы үйренилген. Оның нәтийжеси бойынша республикамызда жәми 24519 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген болып, бүгинги күнге 23300 ҳаял-қыздың машқаласы шешилген. Соннан 9710 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»нен шығарылған.
Илажда әмелге асырылған усындай кең көлемли жумыслар менен бирге жол қойылып атырған айырым кемшиликлер де сынға алынды. Жуўапкер министрликлер, шөлкемлер, коммерциялық банклер ҳәм жергиликли ҳәкимликлерге кешиктирилип атырған жойбарларды иске түсириў илажларын көриў тапсырылды.
Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети, Қарақалпақстан Республикасынан сайланған сенаторлар, Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатларына қарарды орынлаў шеңберинде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық, инвестициялық жойбарлардың өз мүддетинде иске түсирилиўи үстинен қатаң парламентлик қадағалаўды буннан былай да күшейтиў, ҳәр айда исленген жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, министрликлер ҳәм шөлкемлер, коммерциялық банклер ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң есабатын тыңлап барыўды жолға қойыў белгиленди. Сондай-ақ, мүддетинде иске түсирилмеген жойбарлар бойынша тийисли жуўапкер шөлкемлерге депутатлық сораўлар жибериў, оларға ажыратылып атырған мәмлекетлик ҳәм жергиликли бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын қадағалаў, халық арасында үгит-нәсият ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы сәўлелендириў жумысларын алып барыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы