ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОН СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

 Усы жыл 12-июнь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он сегизинши сессиясы болып өтти.

Видеобайланыс тәризинде өткен сессияға ҳүкимет ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибинде биринши мәселе, яғный «Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакциядағы) жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады. Бул мәселе бойынша 57-санлы «Таза жол» сайлаў округинен депутат Р. Матқурбанов  шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин «Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығының орынбасары У.Жалменов шығып сөйледи. Депутатлар бул мәселе бойынша  тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда, «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша  Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында ислеп шығылған илажлар режесиниң Қарақалпақстан Республикасында орынланыўы бойынша Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы» мәселе көрип шығылды. Бул бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев баянат жасады  ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин қала ҳәм районларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың рейтинг баҳалаў көрсеткишлери, әмелий илажлар режелери және бул бағдарда анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы Экономикалық раўажланыў  ҳәм қәмбағаллықты қысқартыў  министрлигиниң есабаты туўралы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Экономикалық раўажланыў  ҳәм қәмбағаллықты қысқартыў  министриниң биринши орынбасары А.Шамуратовтың мәлимлемеси тыңланды. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Күн тәртибиндеги «Жаслар дәптерине киргизилген пуқаралардың машқалаларын сапластырыў бағдарында көрилип атырған илажлар шеңберинде әмелге асырылған жумыслар  бойынша  Министрлер Кеңесиниң, қала ҳәм район ҳәкимлериниң есабаты туўралы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов баянат жасады. Бул мәселе бойынша Тақыятас районының ҳәкими И.Маткаримов ҳәм Төрткүл районының ҳәкими Р.Шамуратов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша Ўәкили (Омбудсман)ниң  Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкилиниң  2021-жылдың биринши шереги даўамында алып барған жумыслары бойынша есабаты туўралы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Омбудсманның Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкили З.Реймованың есабаты тыңланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе-«Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы талапларына муўапық, Қтайбеков Бахрам Қурбанбаевичти Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының экономикалық ислер бойынша орынбасары етип сайлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқары Кеңесиниң шешими тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген усынысы депутатларға билдирилди. Бул мәселе бойынша  тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери менен комиссияларының қурамына өзгерис киргизиў  ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги