Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:04:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛЫҚ ИНСПЕКЦИЯСЫ КӨМЕКШИ МЕ ЯКИ ЖӘРИЙМА САЛЫЎШЫ МА?

 Бүгинги күни 24 жасқа толып атырған Шахрибану Юсупбаева буннан 4 жыл алдын исбилерменлик пенен шуғылланыўды баслаған ҳәм 2019-жылы Ташкентте өткерилген «Исбилермен қыздыӊ еӊ жақсы жойбары» таӊлаўында жеӊимпаз атанып, «Халық банк»тиӊ 25 млн сумлық 8 процентли жеӊилликли кредитин алыўға миясар болған ҳәм тигиўшилик цехын шөлкемлестирген еди.

Буннан соӊ да исбилерменликке шынтлап кирискен ол өз жумысын және де жанландырып, район ҳәкимлиги ҳәм сенатор Улығбек Жәлменовтыӊ  қоллап-қуўатлаўы менен  2020-жылы Өзбекстан Республикасы Кәсиплик Аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Федерациясыныӊ 200 млн сумлық процентсиз қаржысын алып, «Шәменай» халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орайын иске түсирди.

-Өткен жылғы пандемия биз исбилерменлер ушын әдеўир қыйыншылық туўдырды,-дейди бизге Шахрибану Юсупбаева.-Сонлықтан бизлер ҳәзирги күнлери банктен алған кредитлер, имарат ушын төленетуғын ижара пулы ҳәм коммуналлық төлемлер мәселесинде  қыйналып атырмыз. Оныӊ үстине Шоманай районлық мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен айырым пуқаралардыӊ касса аппаратында хызмет көрсетпеди,-деген арзасы тийкарында маған 5 млн сум муғдарында жәрийма салыўы мени әдеўир  албыратып таслады.

-Сиз усы жәрийманы төледиӊиз бе?,-деп сорадым оннан.

-10 күн мүддет ишинде төлесеӊиз 2,5 млн менен қутыласыз дегенге төлеп қутылдым. Себеби, 5 млн сум мениӊ ушын үлкен сумма дейди ол.

Шынын айтыўымыз керек, соӊғы жыллары мәмлекетимизде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиӊ басшылығында киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, әсиресе,  жүрегинде оты бар исбилерменликке қызығыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша ири реформалар әмелге асырылып атырған бир дәўирде, Шоманай районында келешегинен үлкен үмит күттиретуғын бир жас исбилерменге ҳеш қандай ескертиў берместен, бирден жәриймаға тартыўы бизиӊ ҳәр биримизди ойландырады. Бизлер бул мәселе бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мүнәсибет күтип қаламыз!

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF