ДҮНЬЯҒА ТАНЫЛЫП АТЫРҒАН ҚАРАӨЗЕКЛИ МҮСИНШИ
Қараөзекли Нийетбай Оразбаевты район халқы сүўретлеў өнери бойынша муғаллим сыпатында таныйды. Бирақ, ол соңғы ўақытлары социаллық тармақларда өзиниң мүсиншилик саласында дөреткен дөретпелери менен пүткил дүньядағы көркем өнер ықласбентлерине кеңнен мәлим болып келмекте.
— Бүгинги адамзат жәмийети барлық тараў хызметкерлеринен заман менен тең қәдем таслап мийнет етиўди талап етпекте, - дейди бизге Нийетбай Оразбаев. — Сонлықтан, мен де интернет тармақлары арқалы раўажланған еллердиң художник ҳәм мүсиншилери тәрепинен исленип атырған жумыслардан хабардар болып, олардың жумыс ислеў усыллары менен танысып, өзимниң билмеген нәрселеримди үйренип бараман. Әсиресе, маған украиналы мүсинши Владимир Колесниковтың жумыс ислеў усыллары унайды. Оны мен мүсиншилик тараўы бойынша бүгинги күндеги устазым, деп есаплайман...
Ҳақыйқатында да, соңғы ўақытлары Нийетбай Оразбаев украиналы мүсинши менен интернет тармағы арқалы өз-ара пикирлесип, жумыс мәселесинде оннан сабақ алып турады. Владимир де өз гезегинде Нийетбайға мүсиншилик сырларын үйретиў менен бирге, шәкиртиниң дөреткен дөретпелерин ютуб арқалы жәмийетшиликке жәриялап, оны қоллап-қуўатлап барады. Сондай-ақ, Нийетбай Оразбаевты соңғы ўақытлары район ҳәкими Узақберген Утамбетов та жақыннан қоллап-қуўатлап келмекте.
— Район ҳәкими жақында мениң дөреткен дөретпелерим менен танысып, бир қанша мийнетлеримди районда ашылып атырған музейге алды ҳәм маған район парки ҳәм ҳәкимшилик имараты дөгерегин безеў ушын жаңа буйыртпалар берди. Соның менен бирге, Қабақлы ата, Жийен жыраў, Өтеш шайырдың мүсинлерин жараттым. Алдағы ўақытлары районымызда мүсиншилик бойынша жаңа дөретпелер дөретип, Қараөзек районындағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде жасларды тәрбиялап, Қарақалпақстанның көркем өнерин пүткил дүньяға танытыўды қәлеймен, - дейди Нийетбай Оразбаев.
Әдилбай ОРАЗОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.