Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:39:39, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЖЫРАТЫЛҒАН ҚАРЖЫЛАР ҚАЛАЙ ЖУМСАЛЫП АТЫР?

Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясының гезектеги мәжилиси өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында режелестирилген илажлардың орынланыўы мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы И.Сдиков ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қаржы минис­трлиги жанындағы Автомобиль жолларын раўажландырыў секторының баслығы Р.Ерниязовлардың есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы бойынша белгилеп алынған ең қыйын шараяттағы 34 аўыл ҳәм мәҳәллелер ушын жәми 177,2 миллиард сум қаржы ажыратылған болса, усы жылдың 27-май ҳалатына 33 миллиард сумлық жумыслар әмелге асырылған болып, ол режедеги жумыслардың 18,6 процентин қурайды.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде Тахтакөпир районындағы «Белтаў» АПЖ, Мойнақ районындағы «Ҳәким ата» аўылы, Төрткүл районындағы «Көкше» аўылы ҳәм Әмиўдәрья районындағы «Қытай» АПЖдағы алып барылған жумыслар 60 процентке орынланған. Усы жыл 1-июльге шекем 100 процентке орынланатуғыны атап өтилди.

Буннан басқа, 2021-жылда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде бюджет қаржылары есабынан жәми 111,4 миллиард сум қаржы ажыратылыўы белгиленген болып, соннан республика бюджети есабынан 55,7 миллиард,  жергиликли бюджет дереклери есабынан 55,7 миллиард сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар лаўазымлы шахслардың есап бериўи тийкарында өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF