Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:22:43, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФЕСТИВАЛЬ ШЕҢБЕРИНДЕГИ ИЛАЖЛАР БАСЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2019-жылдың 19-март күни жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыўға бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилиси протоколы және елимиз басшысының 2020-жылдың 2-октябрь күни республикамызға сапары ўақтында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бозатаў районында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында «Республика жаслар ҳаўазы» фестивалын өткериў белгиленген еди.

Фестивальдың аймақлық басқышлары кастинг тәризинде 5 жастан 15 жасқа шекемги және 16 жастан 30 жасқа шекемги жаслар арасында «Миллий атқарыўшылық», «Опера» ҳәм «Эстрада» бағдарлары бойынша өткерилди. Онда қәбилетли жаслар қатнасып, олардың арасынан ҳәр бир бағдардан жас категориялары бо­йынша жеңимпазлар анықланып, Нөкис қаласы ҳәм Бозатаў районында болып өтетуғын финальлық басқышқа жоллама алды.

7-июнь күни Нөкис халықаралық аэропортында ҳәм Нөкис темир жол вокзалында фестиваль қатнасыўшыларын ҳәм мийманларды салтанатлы күтип алыў мәресими болды. Усы күни Бозатаў районындағы амфитеатрда фестивальдың ашылыўына бағышланған гала концерт болып өтти. Сондай-ақ, Бозатаў районы жаслары арасында спорт жарыслары, «Миллийлигимизди сақлайық» атамасында таңлаў ҳәм ҳәўескер жаслар арасында «Заковат» интеллектуаллық турнири өткерилди.

«Республика жаслар ҳаўазы» фестивалы шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF