Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:35:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ВЕЛОМАРАФОНШЫЛАР МОЙНАҚҚА ЖОЛ АЛДЫ

Өзбекстан Экологиялық партиясының басламасы менен бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланып шөлкемлестирилген «Мойнаққа мәдет»  экологиялық қайырқомлық веломарафонының қатнасыўшылары 3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасына жетип келди.

Усы жылдың 21-май күни Әндижан ўәлаятының Ханабад қаласынан старт алған илаж қатнасыўшылары елимиздиң бир қатар ўәлаятларынан өтип республикамызға жетип келди.

4-июнь күни таңда Нөкис қаласы Ислам Кәримов гүзары бойындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби алдында веломарафонның жуўмақлаўшы басқышына старт берилди. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда шығып сөйлеўшилер қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Экологиялық қайырқомлық веломарафонына Қарақалпақстан Республикасынан 10 велоспортшы, 50 ге жақын ҳәўескер ҳәм ықтыярлы қосылды. Солай етип, жәми 100 ге жақын қатнасыўшы Мойнақ районына қарай жол алды. Олар бүгин кешке финишке жетип барады.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Жоқарғы Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF