Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:35:01, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРДАҒЫ ӨЗГЕШЕ ҚУЎАНЫШ

Әлбетте, бала-өмир гүли. Солай екен, ҳәр бир үйдиң патшасы, жарқыраған қуяшқа мегзес перзентлеримиздиң ҳәмийше күлип-ойнап, бах­тыяр болыўы ушын биз ата-аналар тыным билмей жуўырып, қолымыздан келгенше шараят жаратып бериўге тырысамыз.

Себеби, халқымызда «Ҳәр бир ағаштың мийўеси болады, ал, кеўил мийўеси бул — перзент» деген даналық гәп бар. Ҳақыйқатында да, ҳәр бир ата-ана ушын жанынан да шийрин перзентлериниң саламатлығы ҳәм олардың жүзлериндеги қуўаныш нурларынан артық бахыт жоқ сыяқлы. Әне сол бахытты толы-төгис жаратыў ушын да олар қарманып, қыймылдап, ҳәр да­йым, ҳәр нәрсеге таяр турады ҳәм перзентиниң қуўанышына тийкар болатуғын ҳәр қандай жаңалықларды өзгеше заўық пенен қарсы алады. 

Ҳәр жылғыдай быйылғы жылы да 1-июнь — Халық­аралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы дем алыў орынларында, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде өмиримиздиң мазмуны, үйимиздиң гүли болған перзентлеримизге арналған байрам илажлары көтериңки руўхта белгиленди. Бәршемиздиң үйимизди базар етип отырған перзентлеримиздиң қәўип-қәтерден аўлақта, балалық демлери шийрин мәўритлер менен толы екенлигине иш-ишимизден қуўанамыз. Себеби, олардың парахат заманда шадланып жасаўы ушын барлық мүмкиншилик туўдырылған.          

Жақында 1-июнь — Халық­аралық балаларды қорғаў күнине бағышланған илаж Тахтакөпир районындағы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде де жүдә көтериңки руўх­та белгиленди. Тәбият та балаларға саўға дегендей, елпип ескен самал, ашық ҳаўа, тийкарғысы, байрамға сай безелген сахна, бақша әтирапындағы ашылған гүллер ҳәр бир баланың қуўанышына-қуўа­ныш қосып, кеўиллерин таўдай көтергени анық. Жас тәжирийбели қәниге Жадыра Абиўова басшылық ететуғын бул пайызлы мәсканда бүгинги күнде 8 топарда бир жүз тоқсан үш бала тәрбияланып, олар­ға тәжирийбели ҳәм жас педагог қәнигелер бала менен баладай болып, тәрбия ҳәм билим сырларын жалықпастан үйретип атыр. 

Әйне ўақытта бул тәрбия ошағында қос қуўаныш 1-июнь — Халықаралық балаларды қорғаў күни ҳәм мектеп деп аталмыш ана диярға қанаат қомлаған отыздан аслам бақша тәрбияланыўшыларының «Хош бол, бақшам, сәлем мектеп!» атамасындағы байрам кешеси кең түрде белгиленбекте. Бунда балалар баўыр басқан сүйикли бақшасы, не бир шоқлық ҳәм еркелигин көтерген тәрбияшы апалары, урысып-таласып бирге ойнаған дослары менен хошласып, мектепке жол алады. Әлбетте, бул мәўритлер мейли ол бала, мейли тәрбияшы апасы болсын, ҳәр бириниң кеўлинде қуўаныш ҳәм қыймаслық сезимлерин оятары турған гәп. Кеше де ҳәр бир топар тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы байрамға және де өзгеше пайыз бағышлап, жүреклери шәўкилдеген балалар ушын умытылмас мәўритлерди бағышлаған болса тәжип емес. 

 

 С.ТУРДЫБЕКОВА,

 СҮЎРЕТТЕ: кешеден көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF