Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:07:09, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӘЖИРИЙБЕЛЕР МЕНЕН ОРТАҚЛАСТЫ

Жақында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Заманагөй шараятта дене тәрбиясы ҳәм спортты ғалабалық раўажландырыўдың иннова­циялық бағдарлары» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияның тийкарғы мақсети — заманагөй шараятта дене тәр­биясы ҳәм спорт тараўында алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин, әҳмийетин ҳәр тәреплеме үйрениў және келешекте усы тараўдың илимий-методикалық тийкарларын раўажландырыў ҳәм инновациялық бағдарларын белгилеп алыўдан ибарат.

Соның менен бирге, сырт ел ҳәм республикамыздағы дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўы қәнигелери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, излениўшилер, докторантлар, магистрантлар, студентлер, педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин жетилистириў және илимий орайлар менен биргеликте дене тәр­биясы ҳәм спорт тараўының актуаль машқалалары, тәлим-тәрбия тараўының соңғы жетискенликлери бо­йынша тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў болып есапланады.

Конференцияның онлайн ашылыўында филиал директоры Б.Мәмбетов  ZOOM платформасы арқалы өткерилип атырған конференция қатнасыўшыларын қутлықлап, филиал менен тығыз ислесип киятырған халықаралық шериклеслери — Россия Федерациясының Акмулли атындағы Башкирия мәмлекетлик педагогика университети, Беларус Республикасының Полесс мәмлекетлик университети, Қазақстан Республикасының Яссавий атындағы халықаралық Қазақ-түрк университети, Қайнар академиясы, Алтынсарин атындағы арқалық педагогикалық университети, сондай-ақ, Москва мәмлекетлик университети ҳәм Москва политехника институты администрациясы ҳәм профессор-оқытыўшылар жәмәәтине өз миннетдаршылығын билдирди.

Сондай-ақ, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры К.Баязитов  сөзге шығып, бул илимий-әмелий конференцияның нәтийжелери, келешекте дене тәрбиясы ҳәм спорт тәлими сис­темасында кадрлар таярлаўдың жаңа бағдарларын жарататуғынлығын айрықша атап өтти.

Зоя ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF