Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:33:17, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРМАҚ ИМКАНИЯТЛАРЫ КЕҢЕЙМЕКТЕ

Пиллешилик — аўыл хожалығының дәраматлы жөнелислериниң бири. Тармақта жетистирилетуғын пилле санаат кәрханалары ушын керекли шийки зат саналады.

Оннан ислеп шығарылатуғын жипек гезлеме ҳәм жипек өнимлерине ишки ҳәм сырт­қы базарда барлық ўақытта да талап жоқары болған. Сол себепли де, кейинги жылларда аграр тараўдың басқа тармақлары қатары пиллешиликти жоқары дәрежеде раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Президентимиздиң 2017-жыл 29-марттағы «Өзбекжипексанаат» ассоциациясының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары пиллешилик тармағын комплекс­ли раўажландырыўға имкан жаратпақта.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық «Пилле» бирлеспеси негизинде Қарақалпақстан «Агропилле» ЖШЖ шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта 144 тонна қурғақ пиллени қайта ислеў қуўатына ийе пиллени қайта ислеўши Әмиўдәрья районында «Жайҳун-силк» ЖШЖ ҳәм Елликқала ра­йонында «Бустон-силк» ЖШЖ кәрханалары шөлкемлестирилип, жумыслар даўам еттирилмекте. Аймағымыздағы фермер хожалықларын тут нәллери менен тәмийинлеў мақсетинде 30 гектар майданда тут нәллерин жетистириў мақсетинде Төрткүл районында «Төрткүл тут жетистириў» хожалығы шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде республикамызда 2396.2 мың түп тут қатарлары ҳәм 2492.1 гектар тутзарлықлар жаратылды.

2020-жылы Төрткүл районында қытайлы қәнигелер менен биргеликте жойбар баҳасы 1.0 млн. АҚШ долларына тең бол­ған наўқан қурты туқымын жетистириўге қәнигелескен кәрхана жумысы жолға қойылды. 2021-жылы туқымгершилик кәрханасында наўқан қуртын бағыў мәўсиминде 40 турақлы ҳәм 200 мәўсимлик жумыс орынлары жаратылады. Кәрхана бул бағылып атырған наўқан қуртларынан 2021-жыл ушын 15 мың қуты туқымын жетистириўди өз алдына мақсет еткен. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 21-декабрьде тас­тыйықланған арнаўлы жыйналыс баянламасына тийкар Беруний ҳәм Төрткүл районларында пиллени қайта ислеўге қәнигелескен еки заманагөй кәрханаларды 2021-жылдың III шерегинде иске түсириў тапсырмасы берилген еди. Соннан бүгинги күнде пиллени қайта ислеўши Беруний районында «KKR IPАK C1USTER» ЖШЖ ҳәм Төрткүл районында «Төрткүл Силк Карпетс» ЖШЖ кәрханаларын шөлкемлестириў нәтийжесинде жойбарластырыў жумыслары алып барылмақта. 2021-жыл жуўмағына шекем бул заманагөй еки кәрхананың иске түсирилиўи нәтийжесинде бүгинги күнде 962 турақлы ҳәм 3444 мәўсимлик жумыс орынлары жаратылды. Әлбетте, быйыл мәўсимге көрилген таярлық жүдә нәзик мапаз — наўқан қуртын бағыўға ҳәр тәреплеме жуўапкершилик пенен қараўға имкан жаратпақта. 2021-жылғы бәҳәрги қурт бағыў мәўсиминде жәми 13375 қуты наўқан қурты туқымы бағылыўы есабынан 749 тонна пилле шийки затын жетистириў белгиленген болып, бүгинги күнде пиллени қайта ислеў кәрханалары менен 1111 фермер хожалықлары менен 446 тоннаға ҳәм  4468 үй шараятында ислеўшилер менен 303 тоннаға, жәми 749 тоннаға шәртнамалар дүзилген. Мәўсимге 13375 қуты наўқан қурты туқымларын жанландырыў ушын жетерли муғдарда шараятлар жаратыў, мәўсимге сапалы пилле жетистириў нәтийжесинде наўқан қурты бағыўшыларын керекли үскенелер, термометр, психометр, формалин, төсеме қағаз ҳәм инкубатория ушын съемниклер (қурт көтергиш) менен тәмийинленди. Сондай-ақ, сапалы пилле жетис­тириў ҳәм жаңа тут нәллерин егиўде агротехникалық қәделерге сай алып барылыўында 60 агроном, 401 инкубист ҳәм жәрдемши инкубистлер жумыс пенен тәмийинленип, 134 инкубатория таярланды. Соның менен бирге, наўқан қуртын бағыў ушын жәми 13375 қуты наўқан қурты туқымы алып келинип, жанландырыў ушын инкубаторияларға қойылып, бул жанланған наўқан қуртлары 10582 қурт бағыўшыға бағыў ушын толық тарқатылды.  Қурт бағыўшыларды алдыннан аванс пуллары менен тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир қуты ушын 250,0 мың сумнан 375 қутыға жәми 3 млрд. 343 млн. 750 мың сум нақ пул есабында төлеп берилди. Бүгинги күнде наўқан қуртлары 2636 қуты 5 жасында ҳәм 9777 қутысы пилле ораў басқышында. Тәкирарый 3-4-қурт бағыў мәўсимлерин шөл­кемлескенлик пенен алып барыў мақсетинде 1340 қуты наўқан қуртын бағыў есесине 53,6 тонна пилле шийки затын жетистириў белгиленген. Сондай-ақ, 1-2-қурт бағыў мәўсиминде 749 тонна ҳәм 3-4-қурт бағыў мәўсиминде 53,6 тонна, жәми усы жылы 802.6 тонна пилле шийки затын жетистириў режелестирилген.

Усы жылдың 29-май күнинен баслап пилле қабыллаў басланып, бүгинги күнде Республика қырманына 61,7 тонна пилле қабыл етилди. Пилле қабыллаў  даўам етпекте.

Әлбетте, бул тараў жумыссыз пуқараларды дәраматлы етиўде де қолайлы келмекте. Наўқан баққанына, жетистирген өнимине есаплап дәрамат алса, бир ай ислеп, бир жыллық мийнет стажына да ийе болады. Қулласы, бул әҳмийетли мапазда ҳәрекет етип мийнет еткен инсан несийбесиз қалмайды. Булардың барлығы пиллекешлеримиздиң тынымсыз мийнети, сапалы өним алыў менен бирге республикамызда бул тармақтың раўажланып кеңейиўине тийкар жаратары сөзсиз.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF