СЕНАТ АҒЗАЛАРЫ ОРЫНЛАРДА МАШҚАЛАЛАРДЫ ҮЙРЕНБЕКТЕ
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жумысшы топары республикамызда болып, орынларда ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» менен «Мәҳәлле кесиминде» ислеў бағдарында әмелге асырылып атырған ҳәм пуқаралардың мүрәжатларында келтирилген мәселелер менен жақыннан таныспақта.
Атап айтқанда, Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитети баслығының орынбасары Т.Мадумаров басшылығындағы жумысшы топар ағзалары Кегейли, Елликқала ҳәм Тахтакөпир районларында болды.
Үйрениўлер барысында мәлим болғанындай, бул районларда ҳаял-қызлардың машқалалары, талаплары ҳәм қызығыўшылықлары үйме-үй жүриў арқалы үйренилип, секторлардың басшылары, пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм олардың орынбасарларының жумыслары нәтийжели шөлкемлестирилген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 28-апрельдеги «Материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларды, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында бул бағдарда «Мәҳәлле кесиминде» ислеў системасында «Ҳаял-қызлар дәптери»н жүргизиў арқалы олардың машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўдың ўақытша тәртиби енгизилди. Усыған муўапық ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленген ямаса турақлы дәрамат дәрегине ийе болғанда, бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў арқалы машқаласы унамлы шешилгенде, турақ жай ижара компенсациясы белгиленген тәртипте төлеп берилгенде, қәнигели медициналық хызмет көрсетилгенде, толық мәмлекет тәмийнатына алынғанда, анықланған машқалалары нызамлы шешилгенде, өзиниң арзасына қарай ҳәм басқа да жағдайларда «Ҳаял-қызлар дәптери»нен шығарылыўы белгиленген.
Усыларды есапқа алған ҳалда, Елликқала районындағы «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген жумыссыз ҳаял-қызларды турақлы жумысқа орналастырыў арқалы бәнтлиги тәмийинленгени, материаллық жәрдем, медициналық жәрдем алғанлығы, ҳуқықый, психологиялық жәрдем көрсетилгени мүнәсибети менен Халық депутатлары районлық Кеңеси социаллық-мәдений тараўды раўажландырыў, шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери бойынша турақлы комиссияның мәжилислеринде додаланыўы ҳәм шешими тийкарында усы жылдың 18-март күнги сессияның қарары менен 875, 14-апрель күнги сессияның қарары менен 681, жәми 1555 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»нен шығарылды.
«Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилгенлерди қоллап-қуўатлаў қоры есабынан быйылғы жылдың өткен дәўиринде 521 миллион 616 мың сум қаржы келип түсип, соннан 327 ҳаял-қызға 162 миллион 435 мың сум материаллық жәрдем , ижарада жасап киятырған 9 ҳаял-қызға 9 миллион 525,6 мың сум ижара пулы төлеп берилип, жәми 336 ҳаял-қызға 166 миллион 669 мың сум жәрдем көрсетилген.
Ҳәзир бәнтлиги тәмийинлениўи керек болған 800 ҳаял-қыздан 739 ының бәнтлиги тәмийинленген, 449 кредит алыўы керек болғанлардан 402 ҳаял-қызға кредит ажыратылған. Буннан тысқары, 142 ҳаял-қыздың барлығына материаллық жәрдем көрсетилген.
Үйрениўлер барысында орынларда секторлар тәрепинен шешимин күткен машқалалардың бар екенлиги анықланды. Оларды сапластырыў бойынша әмелий жәрдем ҳәм тийисли көрсетпелер берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы