СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ ЖАҢҒЫРЫҒЫ
25-май сәнеси. Мектеп қушағында жаңлаған қоңыраў сеслери — ҳәр биримизди өзгеше сезимлер ийримине тартып, арадан қанша жыл өтсе де жүреклерге сағыныш бағышлайды.
Ерксиз бахытлы балалыққа бир мәўрит болса да қайтқандай боламыз. Әсиресе, мектеп босағасына қәдем басқан күнлеримиз маңлайымыздан сыйпап ебетейсиз қолларымызға қәлем, ручка услаўды үйреткен биринши муғаллимимиз, бизди үлкен үмитлер менен дүньяға келтирген ата-анамыздың меҳирге толы жүзлери, гә урысып, гә жарасып бирге оқыған парталас, класлас қәдирдан досларымыз келбети, жүрген жолларымыз кино ленталары киби бир-бир көз алдымызда сәўлеленеди. Балалықтан басланған соқпақлар жаслық аталмыш бостанға тутасады. Қәлейик, қәлемейик өмир өз тилсимин өткерип, бизди жаңа мәнзиллерге қарай жетелейди. Ерте таңнан көшелерди толтырып қолларына гүл услап киятырған нәўқыран ул-қызларымызды ушыраттық. Олар қәдирдан ана-мектебине қарай асықпақта. Жүзлери жайнап турса да көзлеринде қыймаслық әлле қандай қорқыныш сезимлери уялап турғандай. Солай болса да олардың жүрегиндеги жалын оты, ертеңги келешекке қарай беккем исеним туйғысы алға қарай талпындырады. Усындай қуўанышлы күнде барлық мектеплерде соңғы қоңыраў сеслери жаңлап, карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда көтериңки руўхта белгиленди.
Мәмлекетимизде быйылғы жылы Өзбекстан бойынша 438 мың питкериўши, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 727 улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класын 27377 оқыўшы, 11-классты 24136 оқыўшылар ержеткенлик гүўалықларын қолларына алады. Ал, келеси жаңа оқыў жылының 1-классларына 36268 оқыўшының қабыл етилиўи күтилмекте.
Демек, бул жасларымыздың жаңа өмир мәнзиллерине қарай еркин қәдем таслап арзыў үмитлерин әмелге асырыўына қанат қомлап, жуўапкершиликли ўазыйпаларды жүклесе, туңғыш қәдем атажақ балаларымыз өмиринде жаңа бурылыс басланады. Питкериўши жасларымыздың буннан кейин де өмир аталмыш өмир гүзарында адаспай туўры жолды табыўына, устазларынан алған билимлерин еле де жетилистирип таңлаған кәсиби бойынша оқып, үйренип тәжирийбелер топлаўы, Ана-журтымызбахыт ығбалы жолында хызмет етиўи оғада әҳмийетли.
Президентимиздиң мәмлекетимиз мектеплерин питкериўши ул-қызларына жоллаған қутлықлаўында: «Мектепти питкерип шығып атырған жигит-қызларымыздан биреўи де шетте қалмайды. Олардың ҳәр бири халқымыз, Ўатанымыздың шексиз меҳри ҳәм жоқары итибарын сезинип жасайды. Сизлердиң өмирде өз орныңызды табыўыңыз ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларын толық жумсайды», - деп үлкен итибар қаратып, жасларға жоқары исеним билдиретуғынлығын атап өткен еди.
Солай екен, ҳәр бир питкериўшилеримиз мәмлекетимиздеги жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып, елимиз келешеги ушын исенимли қәдемлерди таслайды деген үмиттемиз.
Қәдемлериңиз сәтли, өмир жолларыңыз ашық болғай, әзиз питкериўшилер!
З.ЕРЕКЕЕВА.
Арнаўлы хабаршымыз.