Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:10:13, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ МЕКТЕП ПИТКЕРИЎШИЛЕРИ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

25-май – улыўма билим бериў мектеплерин тамамлаған жаслар ушын айрықша байрам күни. Усы күни барлық мектеплерде «соңғы қоңыраў» ҳаўазлары жаңлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз мектеплерин питкериўшилерине қутлықлаў жоллап, оларды бийғубар оқыўшылық жылларын артта қалдырып, қәдирдан мектеби, тәлим-тәрбия берген устазлары менен хошласып, өмирдиң жаңа, жуўапкершиликли басқышына қәдем қойып атырғаны менен қызғын қутлықлады.

Нәўқыран, мәрт жасларымыз тымсалында биз ушын шешиўши әҳмийетке ийе болған тәлим-тәрбия тараўындағы ҳәрекетлеримиздиң және бир әмелий нәтийжесин, халқымыз ҳәм Ўатанымыз келешегин көремиз, деп атап өтти. Жасларымыздың көркем өнер, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы жетискенликлерин мақтаныш етти.

«Соңғы қоңыраў» илажлары республикамыздың барлық улыўма билим бериў мектеплеринде Республика ҳәм тийисли тараў басшыларының қатнасыўында көтериңкилик жағдайында болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде өткерилген «соңғы қоңыраў» илажына қатнасты.

Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қәдирли мектеби,  устазлары менен хошласып, өмириниң жаңа, және де жуўапкершиликли басқышына қәдем қоятуғын қуўанышлы күн менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

М.Камалов ҳүрметли Президентимиз мәмлекетимиз мектеплерин питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўында «…Сизлерге, пүткил елимиз жасларына мүрәжат етип айтпақшыман: ҳеш қашан умытпаң, сизлер инсан ҳәр тәреплеме еркин, азат ҳәм абадан жасайтуғын жаңа Өзбекстан, жаңа Ренессанс дөретиўшилерисиз.

Сизлердиң өмирде өз орныңызды табыўыңыз ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларын толық жумсайды.

Халқымыздың мине усындай жоқары исенимине ҳәмийше мүнәсип болың!

Сизлердиң өз алдыңызға жоқары мақсетлер қойып, ўақтыңызды бийкарға өткермей, бәрқулла билим ҳәм көнликпелериңизди арттырып барыўыңыз, жаңа кәсип-өнерлерди ийелеўиңиз ҳәм ең тийкарғысы өз мақсетиңизге  қарай тынбай ҳәрекет етиўиңиз, әлбетте, келешектеги табысларыңыздың гиреўи болып есапланады.

Сизлердиң жетискенликлериңизге ҳәм жеңислериңизге исенемен, әзиз балаларым!» деп үлкен итибар көрсеткенин, питкериўши жасларға жоқары исеним билдиргенлигин айрықша атап өтти.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме кәмил инсан етип тәрбиялаў, билимлендириў системасын түп-тийкарынан реформалаў, устаз ҳәм муғаллимлердиң мийнетин мүнәсип баҳалаў, жаслардың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде әне усындай итибар ҳәм имканиятлардан утымлы пайдаланып, өз алдына жоқары мақсетлерди қойған 152 оқыўшы 11-классты питкермекте. Олардың арасында 9 оқыўшы мектепти алтын ҳәм гүмис медальлар менен питкерди, 12 оқыўшы мүддетинен алдын АҚШ, Уллы Британия, БАӘ, Қубла Корея, Сингапур сыяқлы мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларына кирди.

Илажда соңғы қоңыраў қағылды. Мектеп оқыўшылары таярлаған әдебий-көркем бағдарлама салтанат қатнасыўшыларына көтериңки кейпият инам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF