МАҚТАСАҚ ТА, МАҚТАНСАҚ ТА МҮНӘСИП
ямаса бир шаңарақтан шыққан еки илим докторының өмир жолы ҳәм илимий изленисине шегинис
ИЛИМПАЗЛАР ИТИБАРДА
Өзбекстан халық жазыўшысы Шукур Холмирзаев бир мақаласында: «Әзербайжанлылардың қай биринен шайырлары ҳаққында сорасаңыз, «О, ол уллы шайыр», дейди. Атайлап орта дәрмиянынан пәслеў шайырын сорасаңыз да усы жуўапты береди. «Неге олай етесиз?» десеңиз, «Устазларымыз усылай үйреткен», деп жуўап береди», деп жазған еди.
Бул гәпти еситкен жазыўшы неге биз усындай етпеймиз - деп ҳалымызға ҳайран болған екен.
Миллетимиз тәрбиясының мине усындай пазыйлетин ҳүрметли Президентимиздиң өзи өрнек етип қайтарды. Яғный, илим-пәнди раўажландырыў бойынша республикамыздың жетекши алым-илимпазлары менен ушырасып, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, илимий жумысларын турмысқа енгизиўде имканиятлар ҳәм шараятлар жаратыў бойынша арнаўлы пәрманның шығарылыўы усы тараў қәнигелери ушын үлкен мақтаныш болды.
«Эл-юрт ҳурмати» ордени ийеси, Мийнет Қаҳарманы, Өзбекстанға хызмет көрсеткен экономист Қәллибек Камалов газетамыздың 29-декабрь 2020-жыл 156-санында жәрияланған «77 жаста илим докторы болған жерлесимиз» атлы мақаласында: «Илимниң әҳмийетин терең сезинген ҳалда қарақалпақ елине басшылық еткен дәўирлеримде өзим де илим-билимлендириўге қолымнан келгенинше дыққат қараттым. Ҳәтте, илимий жумысларын қорғағанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде қымбат баҳалы саўғалар менен де сыйлықлап бардым.
Ҳәзир де ҳүрметли дем алыста болыўыма қарамастан, илимий жумыслар менен танысып, таўып оқыўға, үйрениўге, илим дәрежелерине ерискен улларым менен қызларыма пәтиямды берип, алғыслаўға, оларға руўхый көмегимди бериўге асығаман», деп өз пикирлерин билдирген.
Ел ақсақалының илим изертлеўшилерге болған ҳүрметин бүгинги мақаламыздың қаҳарманы Ажимурат Жумамуратов та тастыйықлап ҳәм қоллап-қуўатлап, өзиниң мына пикирин қосымша етти. «Мен университетте ислеген жыллары Айдар аға Бабажанов экономика илимлериниң докторы болды. Оның илим докторы болыўы мүнәсибети менен Қәллибек Камалов оған үлкен питиўли турған жайды саўға сыпатында бергени еле мениң есимде. Мине, илимге деген итибардың тастыйығы».
ЖУМАМУРАТОВЛАРДА ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР КӨП
Тарийх ҳәм тәжирийбеден мәлим болғанындай, ҳақыйқый алым ҳәр тәреплеме солай қәлиплесип барады, бара-бара бир өлшемге сыймай қалады. Мине, усы сыймаў арқалы алым шахсын көклерге көтериўши пазыйлетлер бой созады. Егер, бул пазыйлетлер пәнниң раўажланыўы, журт мәпи ҳәм инсан камалаты ушын бағдарланған болса, билимниң күш-қүдирети жәмийеттиң раўажланыўына өз тәсирин өткериўден тоқтамайды. Мине, усындай ийгиликли мақсет жолында хызмет етип атырған илимпазларымыздан бири — белгили физик алым, агрохимия қәнигелиги бойынша Қарақалпақстанда биринши аўыл хожалығы илимлериниң докторы Ажимурат Жумамуратов ҳәм оның идиралды перзенти, экология бағдары бойынша Қарақалпақстанда биринши биология илимлериниң докторы Мырзамурат Жумамуратовлар.
Ажимурат Жумамуратов 1953-жылы Қанлыкөл районында, «Киндик өзек» аўылында, аўыл хожалығы хызметкери Жумамурат Сейтмуратов пенен Алтынгүл Сейтмуратовалардың шаңарағында туўылып өсип, камалға келди. Бул дияр өзиниң кең жазықлығы, бағлары, ең тийкарғысы, оқымыслы, кеңпейил, миймандос инсанлары менен де өз алдына сөз етиўге турарлық. Мине, усындай берекет дарыған орталықтан руўхый күш-жигер алыўдың өзи-ақ илимпаздың инсаный ҳәм излениўшилик жолына мәдеткар болған болса тәәжип емес.
Өмир жолын сөз ететуғын болсақ, дәслеп бәрше қатары аўылдағы сол ўақытлардағы Ломоносов атындағы (ҳәзирги 7-санлы) мектепте оқыды, соң Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти болды. Институтты айрықша баҳаларға 1975-жылы питкериўден-ақ, усы жерге оқытыўшы болып алып қалынды.
Мине, ўақыттың зымырап өтиўин қараң, соннан берли де 46 жылды артқа таслатып, бүгинлиги устазлардың устазы дәрежесинде өз ҳүрметин таба алды. Оның мийнет жолына шегинис жасайтуғын болсақ, 1977-жылы Ташкенттеги ҳәзирги Миллий университеттиң ядро физикасы кафедрасына «Атом ядросы ҳәм элементар бөлекшелер физикасы» қәнигелиги бойынша имтиханнан өтип, аспирантураға қабылланды. Илимий басшылары оның экспериментке уқыплылығын есапқа алып, Москва ўәлаяты Дубна қаласындағы Дүнья жүзилик «Бирлескен ядроны изертлеў институты»ның ядролық машқалалар лабораториясына илимий жумысларын даўам еттириўи ушын жиберди. Ол жерде бәрҳа лекциялар тыңлап барды. Дүньяға белгили илимпазлар қатарында Қарақалпақстан Республикасынан бир өзи аўқамлас еллер менен қоса есаплағанда 20 ға жақын еллердиң илимпазлары менен бирге илимий жумыслар алып барды.
А.Жумамуратов излениўшең илимпаз сыпатында бир нешше еллерде болып, өз тәжирийбелерин көрсетиўден тысқары, олардың алдынғы тәжирийбелерин де елимиздиң илимий жақтан раўажланыўына әмелий жақтан енгизип келмекте.
Излениўшең, талапшаң, тынып-тыншымас илимпаз сыпатында илимий жәмийетшилик орталығында көзге түсе баслады. А.Жумамуратов 1980-1992-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физика факультетинде ассистент, аға оқытыўшы, 1992-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Физика ҳәм мийнетти оқытыў методикасы» кафедрасының баслығы, 1992-1998-жыллары «Улыўма техникалық пәнлер» кафедрасының баслығы, 1998-жылы институттың «Экономика ҳәм исбилерменлик» ислери бойынша проректоры, 2000-2012-жыллары «Кәсип тәлими ҳәм оны оқытыў методикасы» кафедрасының баслығы, 2001-2008-жыллары «Кәсип тәлими» кафедрасының доценти, 2008-жылы «Улыўма физика» кафедрасының баслығы, 2009-жылы усы кафедраның доценти, 2012-жылы профессоры болды.
Күш-жигерге толы илимпаздың машақатлы мийнетлери оның 180 нен аслам илимий жумысларында, 2 монографиясында, 2 жоқары оқыў орны ушын, 1 колледж ушын оқыў қолланбасы, мектеп, лицей, университет, пединститут оқыўшылары ушын 8 оқыў методикалық қолланбасында да өзиниң толық көринисин тапқан. Ең баслысы, көпшилик сабақлық ҳәм қолланбалары республикалық көлемдеги таңлаўларда жеңимпаз болып, бүгин де Жоқары билимлендириў системасында турақлы пайдаланып келинбекте.
Илимий жумысларының көпшилигин сырт еллердиң журналларында рус ҳәм инглис тиллеринде баспадан шығарды. Көплеген илимий конференцияларға қатнасып, баянатлар оқыды. 2000-жылы «Ядро физикасынан лабораториялық жумыслар» деген оқыў қолланбасы, жоқары оқыў орынларының студентлери ушын жазылған оқыўлық, оқыў қолланбалары таңлаўда жеңимпаз болды.
Илим ҳәм техниканың раўажланыўын координациялаў комитетиниң тапсырмасы менен «Аналитикалық химия» ҳәм «Геохимия» илим бағдары бойынша бир нешше темаларды орынлаўға еристи. Соның менен бирге көплеген жойбарларға грантлар жазып, жеңимпаз болды. Университетте, институтта ислеген жыллары хожалық шәртнамалары бойынша Кегейли, Қанлыкөл районларында илимди өндириске енгизиў бойынша да илимий темаларға басшылық етти.
Докторлық диссертациясын «Топырақ илими ҳәм агрохимия» институтының қәнигелестирилген илимий кеңесинде «Нейтрон активациялық методты суўғарылатуғын жерлердиң геохимиялық ҳәм агрохимиялық аўҳалларын үйрениўге қолланыў ҳәм оларды жақсылаў жоллары» деген темада жақлап, агрохимия қәнигелиги бойынша республикамызда биринши аўыл хожалығы илимлериниң докторы илимий дәрежесин алыўға еристи.
Алым илимин илим дәргайында көрсетсе, адамгершилик пазыйлетлерин ел арасында, жәмийетлик жумысларында көрсетеди. Жәмийетлик жумысларда да бәрқулла белсенди болып келген устаз 2013-жыл 11-12-декабрьде Нөкисте ҳәм 2019-жыл 17-18-октябрь күнлери Нөкис ҳәм Мойнақта Өзбекстан Республикасында биринши «Физика ҳәм экология» атамасындағы илимий-әмелий конференцияны шөлкемлестирди. Буған Аўқамлас еллердиң ҳәм республикамыз илимпазларынан 300 ге жақын илимий баянатлардың келиўи, олардың конференцияға ҳәм педагогикалық институттың илимпазларына берген үлкен баҳаларында А.Жумамуратовтың үлкен үлеси бар.
Ажимурат Жумамуратовтың жәмийетлик жумыслары ҳәм жуўапкершиликли лаўазымларындағы хызметлери де ҳәр қандай мақтаўға мүнәсип. Оның көксин «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» (1994ж.), «Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы» (2011ж.), «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» (2017ж.) медалы безеди. Ол Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, университет, педагогикалық институт ректорлары тәрепинен берилген бир нешше Ҳүрмет жарлықлар ийеси.
Устаздың ҳәр бир лекциясы, әмелий шынығыўлары илимге қуштар жигит-қызлар қәлбинде бул тилсимли пәнге болған қызығыўшылығын еле де арттырғаны дәл ҳақыйқат. Бүгинги жаслардың қәлбине жол табыў ҳәм қызықтырыў бойынша тәжирийбели устаз жас оқытыўшыларға да өрнек болмақта. Сонлықтан, бул инсанды оқыў дәргайында мақтаныш ҳәм ҳүрмет пенен — устазлар устазы, деп айтады.
Үлкен аудиторияда студентлерге сабақ өтиў менен бирге ҳәр бириниң қәлбине жол табыў машақатын оқытыўшылар жақсы биледи. Бул бағдарда үлкен тәжирийбеге ийе Ажимурат Жумамуратов былай дейди:
— Қырық алты жылдан берли студентлерге сабақ берип киятырған болсам да елеге шекем өз үстимде ислеймен. Билиў аңсат, сол билгенлериңди билдириў, яғный, студентлердиң санасына сиңдириў оғада мүшкил ис. Ҳәр бир оқытыўшы өзи илимий изертлеў алып барып атырған темада лекциялар оқыўы жақсы нәтийже береди.
Терек көкке бой созыўы ушын оған беккем тамырлар керек. Инсанға ше? Өмирде тамырлар бола ма? деген сораўға атақлы жазыўшы Пиримқул Қадировтың «Үш тамыр» романынан жуўап табылады. Бириншиси, билим, екиншиси, адамгершилик, үшиншиси муҳаббат делинеди. Демек, илимли, жақсы инсан болып, мүнәсип шаңарақ қурсаң-үш тамыры беккем терек сыяқлы көкке бой созып жасайсаң.
Ажимурат Жумамуратовтың өмир жолына терең нәзер салсаңыз, мине усындай үш тамыры терең екенлигин көремиз.
— Мен ушын өмирдеги ең үлкен сыйлық — тәғдир несийп еткен шаңарағым, перзентлерим, ақлықларым ҳәм көплеген шәкиртлерим, -дейди сүйсинип А.Жумамуратов. — Туңғыш балам Мырзамурат изимнен бармақта. Ол биология илимлериниң докторы, институтта бирге ислеймиз. Өмирлик жолдасым Гүлжамал менен шаңарағымызда 7 перзентти камалға келтирдик. Перзентлеримниң бири оқытыўшы, бири шыпакер болса, басқалары да жоқары мағлыўматлы қәнигелер болып, ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етпекте. Бүгин оларға ҳақ жол тилеп, пәтиямды берип отырыўдан артық бахыт болмаса керек...
Өмир дәптерин тәкирарланбас нағыслар менен безеген алымның өмири әўладлары, заманласлары, избасарлары ушын ибрат мектеби болары сөзсиз.
АТА САЛҒАН ЖОЛ МЕНЕН...
Халқымызда «Алым болыў аңсат, адам болыў қыйын» деген ибара бар. Мақаламыз қаҳарманлары Ажимурат Жумамуратов ҳәм Мырзамурат Жумамуратовлар ҳәм алым болыўдай, ҳәм ҳақыйқый адам болыўдай еки қыйын жолды биргеликте атқарып келмекте.
Бул еки илимпаз тымсалында бәршемизде ҳәўес оятатуғын пазыйлетлеринен бири устаз ҳәм шәкиртлик дәстүрин минсиз атқарыўында көзге тасланады. Оқытыўшыны жетик устазға айландырған дерек-оның өз тараўын пуқта өзлестирген қәниге болғанлығы болса, екиншиси ибратлы, адамгершиликли пазыйлетлери менен бирге туўма педагоглығында. Олардың шәкиртлери ҳәзир мәмлекетимиздиң дерлик барлық жерлеринде тәлим-тәрбия тараўында белсене хызмет атқарып атыр.
Киндик қаны тамған туўылған жери — Қанлыкөл десе бәрҳа бүйири бурып туратуғын Мырзамурат та мектепти тамамлағаннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университетине тапсырып, 1996-жылы табыслы питкереди. Дәслепки мийнет жолын пайтахтымыздағы 1-санлы инталы балалар мектебинде муғаллим болып ислеўден баслайды. Соң 1996-2001-жыллары Нөкис педагогикалық колледжинде, 2001-жылдан баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында физика пәни бойынша ассистент оқытыўшы болып ислейди,
Сол жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Ядро физикасы институтының күндизги бөлимине аспирантураға киреди. Илимий жумысларын даўам еттириў ушын 2004-2007-жыллары усы институттың ядро спектроскопиясы лабораториясында киши илимий хызметкер лаўазымында иследи. Ол «Экспериментлер техникасы физикасы, әсбаплар физикасы ҳәм тәжирийбелерди автоматластырыў» қәнигелиги бойынша «Қубла Арал бойы тәбийғый орталықтың турақсызлығы бузылған объектлердиң нейтронактивациялық анализи» деген техника илими бойынша философия докторы диссертациясын 2007-жылы 5-апрельде табыслы жақлады. Усы жылдың сентябринен баслап Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетиниң улыўма физика кафедрасына оқытыўшы болып келди. Соң факультетте декан орынбасары, факультет деканы болды. Ол басшылық еткен жыллары факультеттен Әжинияз ҳәм Улуғбек атындағы мәмлекетлик стипендиатлар шықты. 2015-2016-оқыў жылында факультетлер арасында өткерилген улыўма спорт жарысларында биринши орынды ийеледи.
Алымның илим орнындағы орны —илимий изертлеўлериниң нәтийжелери, жаратқан оқыў қолланбалары менен баҳаланады. М.Жумамуратов 70 ке жақын илимий мийнетлердиң авторы. Олардың көпшилиги республикамыздағы ҳәм сырт мәмлекетлердиң белгили илимий журналларында жарық көрди. Қарақалпақстан тәбийғый пәнлер илим-изертлеў институтындағы PhD.02/30.12.2019.В.79.01-санлы илимий кеңесте 2020-жылдың 4-декабрь күни «Қубла Арал бойының турақлы болмаған тәбийғый орталығы объектлериниң ҳәзирги жағдайын комплексли экологиялық баҳалаў» экология бағдары бойынша биология илимлериниң докторы (DSc) илимий дәрежесин алыўға еристи.
Оның илимий мийнети тийкарынан турақсыз тәбийғый объектлерин үйрениў ушын нейтрон-активациялық усылды жаратты ҳәм бир өлшемде затлардың қурамындағы 30-35 химиялық элементлерди анықлаўға мүмкиншилик беретуғын, жақсыланған параметрлерге ийе болған усыл арқалы алынған мағлыўматлар Қубла Арал бойындағы экологиялық геохимиялық жағдайларды баҳалаўға қолланылды. Сол арқалы ҳәзирги қыйын экологиялық орталықты, топырақтың, суўдың, шаңның қурамындағы микроэлементлерди үйрениў арқалы оларды жақсылаўдың илажларын көриўге мүмкиншиликлер жаратыўға илимий жақтан тийкар салды.
М.Жумамуратов турақлы болмаған орталықтың тәбийғый объектлериниң экологиялық жағдайларын диагностика етиўдиң ҳәзирги заман усылларынан пайдаланды. Экологиялық өзгерислерин анализ етиў ҳәм жергиликли, глобал масштабта ықлымның өзгерислерине байланыслы илимий изертлеў жумыслары дүньяның University of Ben-Gurion (Израиль), Technical University (Германия), Oxford University (Уллыбритания), National University of Singafur (Сингафур), Crops Research Institute for Semi-Arid Tropics, G.B.Plant University of Agriculture and Tehnology (Индия), Institute of Biological Control (Япония), Huazhong Agricultural University Institute of Plant Protection (Қытай), Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети (Россия), Қазақстан топырақ илим изертлеў институты (Қазақстан), география институты (РФА), Океанология институтында (Россия) алып барылмақта.
М.Жумамуратовтың докторлық диссертациясы Президентимиздиң 2017-жыл 18-январьдағы «Арал теңизи аймағын раўажландырыўдың 2017-2021-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары ҳәм 2017-жыл 7-февральдағы «Өзбекстан Республикасын еле де раўажландырыўдың Стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманының, сондай-ақ басқа да экология бағдарында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда белгили дәрежеде хызмет етеди.
Бүгинги күнде ол 2016-жылдан баслап институттың оқыў ислери бойынша биринши проректоры болып ислеп атыр.
Ажимурат Жумамуратов ҳәм Мырзамурат Жумамуратовлар тек ғана бир шаңарақтың емес, бәлким, пүткил мәмлекеттиң мақтанышына айланды, десек орынсыз болмас.
Бүгин сөз етилген қаҳарманларым алым ҳәм педагог сыпатында өзлериниң шеберлик мектебин жаратып атырғанлығы ҳаққында кәсиплеслери ҳәм басқа да қәнигелердиң пикирлери жүдә орынлы болар. Мақсетимиз — мине усы шеберлик мектебиниң ғалабалығына ерисиўден ибарат.
Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илимпазлар Ажимурат ҳәм Мырзамурат Жумамуратовлар.