Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:26:39, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КИШИ ФУТБОЛДЫҢ ҮЛКЕН ШЕБЕРЛЕРИ

«Қарақалпақстанлы жас футзалшылар Өзбекстан бириншилигинде жеңимпаз болды» деген қуўанышлы хабар жақында ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кирпик қағым пурсатта дәрҳал тарқалды.

Бундай қанаты бар, «әўесек хошхабар»ды үлкен футбол яки киши футбол болсын, қарақалпақстанлы ышқыпазлары еситпегенине де  бираз жыллар болыпты.

Сонлықтанда, футболымызда жаңа тарийх бетлерин ашқан болажақ мини футболшыларымыз туўралы мақала жазбақшы болғанымыз бенен дийдар көрисиў несип етпеди. Қулласы, сәл кешигип жазсақ бизди ҳешким гиналай қоймас деген нийетте, олар менен шынығыў майданында ушырастық.

Негизинде, мини футбол Өзбекстанда аяғында исенимли түрде тура алған спорт түри десек қәтелеспеймиз. Булай деўимиздиң себеби,   мини футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы 2016-жылы Колумбияда болып өткен жәҳән чемпионатында қатнасқан еди. Олар топардан шыға алмаса да, дебют чемпионатында ышқыпазлар ҳәм қәнигелерде унамлы тәсир қалдырғаны арқалы ядта қалды.

Ал, быйыл Өзбекстан сайланды командасы октябрь айында Литвада болып өтетуғын жәҳән чемпионатында қатнасатуғын болды. Демек, мини футбол Өзбекстанда бир тегис раўажланыў басқышында деп айтыўымызға толық тийкар бар. Еле де толығырақ айтар болсақ, Азияда теңсиз, жәҳән көлеминде  майданда күшли командаларда санасатуғын, Колумбиядағы жәҳән чемпионатында футзалдың «сыйқыршылары» бразиялылардың «шақын қайырып», жолынан алып таслап, бронза медалын қолға киргизген Иран командасы менен «шайнасатуғын» дәрежеге жетискени де сайланды командамыздың күшин белгилеп турыпты.

 Жасыратуғыны жоқ, мини футбол негизинен үлкен футболдан бираз парықланады. Бунда шалт қыймылдаў арқалы қорғаныўдан ҳүжимге өтиўге, сәтсиз жуўмақланған ҳүжимнен дәрҳал изге қайтыўдың өзи болмайды. Мини футболда жағдай күтилмегенде өзгерип турыўы менен де қызық. Есап та  тезтез өзгерип турады. Майдан көлеминиң кишилиги есапта алдында баратырған командаға бир-еки топ парқын услап турып, жеңиске ерисиў мүмкиншилигин бермейди.

Шынығыў пайытында  тренердиң көрсетпелерин орынлап, берилип шуғылланып атырған жас футболшыларымыздың шаққан ҳәрекетлерине кеўлимиз толды. Әсиресе, бир-бирине дәл топ узатыўлары, дәрўазаға анық соққы бериўлери, ал, дәрўазаманның күшли соққыдан ҳаўаланып ушып келген топты қайтарыўлары, олардың талантынан дәрек береди.

— Бул командамыз ағзалары 4 жылдан берли қол астымда шуғылланып атырғанлықтан, шәкиртлеримниң имканиятларына қанықпан. Футзалда шаққанлық, әбжиллик, күшли техника, алдап өтиў қәбилети биринши нәўбетте талап етиледи. Буған қосымша команда да аўызбиршилик мийтиндей беккем болыўы тийис, бунысыз ҳеш қандай жеңиске ерисе алмайсаң. Қәнекей, ҳәр қандай жағдайда да бир-бирин сөзсиз түсинетуғын футболшы ҳәрекет етсе жүзикке қас қондырғандай болады. Жақында футзал бойынша 2008-жылы туўылған жас өспиримлер арасында «Спорт мектеплери футбол лигасы» Өзбекстан чемпионатында жеңимпаз болыўымызда мине усы қәсийетлер өзек болғанын атап өтсем алжаспайман. Жарысқа шәкиртлеримнен тысқары, Хожели, Қоңырат ҳәм Кегейли районларынан қәбилетли футболшыларды қурамымызға киргиздик.  Олар ҳәр дайым шынығыўларымызға қатнасып турады. Жасырыўдың кереги жоқ, бул чемпионатта Өзбекстанның барлық ўәлаятларынан күшли командалар қатнасты. Олар менен өтетуғын ойынларда жеңисти аңсатлық пенен қолға кир- гизиў қыйын. Қуўанарлы тәрепи, жарыста шәкиртлеримиз бир текше жоқары ойын көрсетип, бас байрақты қолға киргизди. Қарсыласларымыз дәрўазасына 14 топ жоллап, өзимиздиң дәрўазамыздан бирде топ өткермегенимиз буның анық тастыйығы. Ҳәр қандай жарыстан соң, ҳәр қыйлы номинациялар жеңимпазларға тапсырылады.

«Ең жақсы дәрўазаман» номинациясы командамыз дәрўазаманы Самандар Бахтияровқа, «Ең жақсы қорғаўшы» Мамыт Хожабаевқа, «Ең жақсы топ урар» (бомбардир)) ҳәрбири  қарсыласлар дәрўазаманларын пушайман жегизип 6 топтан жоллаған ҳүжимшилеримиз Азизбек Еримбетов ҳәм Нурбек Сарсенбаевларға берилиўи командамыз күшине ылайық берилген баҳа болды.

Ашығын айтқанда, шәкиртлеримниң келешегинен кеўлим тоқ. Олардың шеберликлерин еле де жетилистириўге ҳәрекет етип атырмыз. Алдағы ўақытлары Өзбекстан футзал командалары арасында өткерилетуғын чемпионатында ҳәм турнирлерде  «пайын туўрай» алатуғынлығына исенемиз,-дейди Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар — жас өспиримлер спорт мектеби командасының бас тренери Исламбек Уснатдинов.

Ҳақыйқатын айтқанда, көз тиймесе, Өзбекстанда теңлеслери менен теңдей ойын көрсете алатуғын команда қуралғаны қуўандырады. Енди оларды ғамқорлыққа алыў, шеберликлерин жетилистириў биринши гезектеги мәселе болса жақсы болар еди. Себеби, бундай қәбилетли әўладты тәрбиялаў ушын тренерлер қаншама маңлай терин төкпейди дейсиз. Жәҳән футболы тарийхында ерте жарқ етип, жулдызы жанған жас футболшылар көп ўақыт өтпей сөнип кеткени тарийхтан мәлим.

Солай екен, бул жас футзалшыларымызға көбирек итибар қаратсақ, үлкен яки киши футболда Өзбекстан сайланды командасында «бой» көрсетип ойнай алатуғын футболшыларымыз жетилисип, бүгинги күндеги кемшилигимизди толықтырар ма еди?

Қонысбай РЕЙМОВ.

СҮЎРЕТТЕ:  жеңимпаз командамыз ағзалары

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF