Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:37:09, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Усы жыл 20-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасында Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға  бағышланған мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов мәжилисте көрилип атырған мәселениң әҳмийетине ҳәм бул бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Г.Маруфова, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Аҳмедова шығып сөйлеп, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў, оларға үй қапталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыўы ушын жер ажыратыў, сондай-ақ, олардың исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўлары ушын кредит алыўында әмелий жәрдем көрсетиў бойынша орынларда әмелге асырылған жумыслар, жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм олардың шешимине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде социаллық жәрдемге мүтәж, турмыс шараяты аўыр, жумыссыз ҳәм кәсип-өнерге ийе болмаған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 21-апрельдеги «Материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларды, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында бул бағдарда «Мәҳәлле кесиминде» ислеў системасында «Ҳаял-қызлар дәптери»н жүргизиў арқалы олардың машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўдың ўақтыншалық тәртиби енгизилди.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 24519 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген болса, соннан 22484 ҳаял-қызға жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, 8008 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 2402 ҳаял-қыз кәсипке оқытылды, 2949 ҳаял-қызға кредит алыўына жәрдем берилди, 685 ҳаял-қызға үй қапталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыўы ушын жәрдем берилди.

Жәми 117 ҳаял-қызға ижара компенсациясын төлеп бериўде ҳәм турақ жай менен тәмийинлеўде жәрдем көрсетилди. Биринши топар майыплығы 64 ҳаял-қыздың турақ жайы оңлап берилди.2083 ҳаял-қызға медициналық, 838 ҳаял-қызға ҳуқықый, 905 ҳаял-қызға психологиялық жәрдем көрсетилди.

Мәжилисте ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF