ТӨМЕНГИ БУЎЫН ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ БИЛИМИ ЖЕТИЛИСТИРИЛМЕКТЕ
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң басламасы менен қала ҳәм район ҳәкимликлери бас қәнигелериниң билимин жетилистириў курслары шөлкемлестирилди.
Оның ашылыўында атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң орта ҳәм төменги буўын басқарыў хызметкерлериниң жаңаша талаплар тийкарында билимин турақлы жетилистирип барыў зәрүрлиги атап өтилген еди. Атап айтқанда, оларды «Мәҳәлле системасы» ҳәм «Пуқара системасы» тийкарында нәтийжели ислеўге үйретиў, сондай-ақ, республикамызда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық тараўлардағы кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси менен хабардар етип барыў ўазыйпасы алға қойылды. Хызметкерлердиң билимин жетилистириў курсларын шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, усы алға қойылған тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў болып табылады.
Оқыў сабақлары әмелий ҳәм теориялық жақтан 5 модул тийкарында алып барылады. Яғный, тыңлаўшылар нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, таяныш ҳәм тараўлық қәнигеликлер бойынша билимлерин раўажландырыў, мәмлекетлик пуқаралық хызметкериниң минез-қулқы ҳәм мәденияты және улыўма саўатлылық бағдарлары бойынша билим және көнликпелерге ийе болады.
Билимин жетилистириў курслары усы жылдың 31-майына шекем даўам етеди. Оның жуўмағында тыңлаўшылардан тест сынағы алынып, сертификатлар бериў нәзерде тутылған.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы