Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:42:16, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДАҒЫ ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЛАРЫНЫӉ ЕСКИРГЕН ҲӘМ ӨЗ ӘҲМИЙЕТИН ЖОЙТҚАН НОРМАТИВЛИК ТҮСТЕГИ ҚАРАРЛАРЫН БИЙКАРЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары 

Өзбекстан Республикаси Президентиниӊ «Өз әҳмийетин жойтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталықты жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 70-статьясының 12-бәнтине ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 8-статьясы 15-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманында 2021-жыл 1-июньға шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкарлаў илажлары белгиленгенлиги инабатқа алынсын.

2. Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилген ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан нормативлик түстеги қарарлар қосымшаға муўапық өз күшин жойтқан деп есаплансын.

3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Баспасөз хаткерине (Б.Айтмуратов) усы қарарды рәсмий жәриялаў ҳәм Жоқарғы Кеңестиӊ рәсмий веб-сайтына жайластырыў тапсырылсын.

4. Усы қарар рәсмий жәрияланғаннан кейин күшке киреди.

5. Усы қарар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясына тастыйықлаў ушын усынылсын.

6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетовқа жүкленсин.

 

        Қарақалпақстан Республикасы

        Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                             М.Камалов

 

Нөкис қаласы, 12-май 2021-жыл
№ 337

 

————————————————————————————————————————

Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ
2021-жыл  12-майдағы
 
337-санлы қарарына қосымша 

 

Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ өз күшин жойтқан деп белгиленип атырған айырым қарарларыныӊ

ДИЗИМИ

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF