Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:49:57, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ИЙЕСИЗ ХАТ»ТЫҢ ТӘҒДИРИ НЕ БОЛДЫ?

«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2020-жыл 22-октябрьдеги №125-126 (20524) қоспа санында «Ийесиз хат» атамасында сын мақалам жәриялан­ған еди.

Мақалаға Нөкис қаласы ҳәкимлигинен 2020-жыл 3-ноябрьде «Көше турғынларының тәбийғый газ тәмийнатын еле де жақсылаў ҳәм тәртиплескен ҳалда қайта тартыў мәселеси бо­йынша бүгинги күнде тийисли қәнигелер менен биргеликте қосымша үйрениў жумыслары алып барылып атырғанлығын, үйрениў нәтийжелери бойынша мүрәжат ийелерине қосымша мағлыўмат берилетуғынлығын мәлимлеймиз» деген мазмунда жуўап хат келген еди. Арадан 6 айды өткерип, яғный, усы жылдың 3-май күни Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен «Нөкисшаҳаргаз» тәмийнатынан қосымша исленген илажлар бойынша жуўап хат келди. Жуўаптың мазмуны төмен­дегише:

«Нөкис қаласы, «Қум аўыл» МПЖ «Арал қызлары» көшесин тәбийғый газ бенен тәми­йинлеп турған РД-32 маркалы газ бөлистириў үскенесиниң (ГРП) ящиги жарамсыз ҳалға келип қалғанлығы себепли бул газ бөлистириў үскенесине «Нөкисшаҳаргаз» тәмийнаты бөлими хызметкерлери тәрепинен жаңадан ящик орнатып берилгенлигин ҳәм ҳәзирги ўақытта газ бөлистириў пункти халықты тәбийғый газ бенен бир тегис тәмийинлеп тур­ғанлығын, сондай-ақ, бүгинги күнде көше тур­ғынларын тәбийғый газ бенен тәми­йинлеп турған ҳәр қыйлы диаметр­деги газ тармақларын тәртиплестирип тартып бериў мүмкиншилиги жоқ екенлигин, бул жумысларды әмелге асырыў ушын дәслеп тийисли тәртипте жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп шығылыўы, соңынан арнаўлы рухсатнамаға ийе кәрханалар ямаса газ тәмийнаты филиалының «Қурылыс бригадасы» тәрепинен шәртнама тийкарында әмелге асырылыўы яки көше турғынларының өз есабынан көмек жолы менен әмелге асырыў мүмкинлигин мәлимлеймиз».

Бириншиден, Нөкис қаласы, «Қум аўыл» МПЖ «Арал қызлары» көшесин тәбийғый газ бенен тәмийинлеп тур­ған РД-32 маркалы газ бөлистириў үскенесине «Нөкисшаҳаргаз» тәмийнаты бөлими хызметкерлери тәрепинен жаңадан ящик орнатылған. Буған да шүкир. Бирақ, бул менен газ басымы көбейип қалмайды. Деген менен, ҳәзирги жаз мәўсиминде тәбий­ғый газдиң аз сарпланатуғынлығын да есап­қа алыўымыз керек. Қыс айларында да тәбийғый газдиң басымы усындай жоқары болады деп айтыў ҳәзирше қыйын. Қыста газдиң аз яки көп болатуғынлығын ўақыт көрсетеди.

Екиншиден, пуқаралардың мүрәжатында өзлери тәрепинен ҳәр қыйлы диа­метрдеги трубалардан қурастырылып тартылған газ линиясының талап­қа жуўап бермейтуғыны, егер ўақтында сапластырылмаса жәриймаға тартылатуғыны ҳаққында «Нөкисшаҳаргаз» тәмийнаты тәрепинен ескертиў берилгени айтылған еди. Жуўап хатта бул туўралы бирде-бир сөз айтылмаған.

 

                      Бурынғы жағдайы                                                                       Ҳәзирги жағдайы                            

Үшиншиден, жуўап хатта смета ислеп шығыўға қаржы жоқ, мүмкиншилиги жоқ, жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп шығылыўы керек деп айтылса да, ал, усы жойбар-смета ҳүжжетлерин ким ислеў керек, оған қаржыны ким ажыратады, деген сораўлардың басы ашық қалдырылған. Оның үстине, жуўаптың соңында көше турғынларының өз есабынан көмек жолы менен әмелге асырыў мүмкин, делингенине қалай түсиниўге болады? «Арал қызлары» көшеси турғынлары буннан жигирмалаған жыл бурын өз есабынан ақша шығарысып көшесине газ трубасын тартқан. Ал, буларға мәмлекеттен ҳеш қандай жәрдем болмаған. «Нөкисшаҳаргаз» тәмийнаты болса, бул трубалардың жарамсыз, ҳәр қыйлы диаметрде екенлигин, жаңадан труба сатып алып қайтадан тартылмаса жәриймаға тартылатуғынлығын билдирген. Ал, енди сонда көше турғынлары қайтадан өз есабынан ақша жыйнап, тағы труба сатып алыўы керек пе екен? Не ушын ең дәслеп Нөкис қаласы ҳәкимлиги пуқараларға турақ жай салыў ушын жер орын ажыратқанда оларды газ тармағына жалғап бермеген? Көшеге газ тартып бериў олардың ўазыйпасына кирмейтуғын болса, не ушын жер орынды пуқараларға сатып береди? Ҳәзирги ўақытта көше ҳәм тағы басқа да имаратлар, жер қалалық ҳәкимияттың балансында турады. Қәлеген жерден барып әпиўайы қумды сораўсыз алсаң да ҳәкимиятқа ти­йисли болып шығып, жәриймаға тартылатуғынымызды ҳәммемиз билемиз. Ал, енди көшелерге тартылатуғын газ трубаларға келгенде болса буннан ҳәкимият басын алып қашса, «мен билмеймен, газ керек болса өзлериңиз тартып алың» дегени қалай болғаны? Енди көмек ҳәм жәрдем мәселесине келейик, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасында жылына еки мәрте, анығырақ айтқанда  Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамлары алдынан шембилик өткериў белгиленген. Оған да пуқаралар өз ерки менен қатнасады, яғный, мәжбүрий емес. Кем тәми­йинленген шаңарақларға, майып пуқараларға, жетим-жесирлерге, ағайин-туўғанларға жәрдем, көмек бересең. Ал, енди бизиң жағдайымызда болса, ким кимге көмек бериўи керек? Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен «Нөкисшаҳаргаз» тәмийнатының хашар ислеп көмек берсин дегени ерси түйилмей ме? Президентимиздиң «Пуқаралар мәмлекетлик уйымлар ушын емес, ал, мәмлекетлик уйымлар пуқараларға хызмет көрсетиўи керек» дегени қайда қалды? Өзлери мәмлекет есабынан айлық, сыйлық алып, кең, жақтылы кабинетлерде отырып, астына хызмет машиналарын минип жүрген атминерлердиң қолын жайып халықтан жәрдем сорағаны уят емес пе?

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Нөкис қаласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF