Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:04:47, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚ ТАРИЙХЫНЫҢ ЖЫЛНАМАШЫСЫ ЕДИ

Жақында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық  институтында  Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан  халық жазыўшысы  Төлепберген Қайыпбергеновтың  92 жыллығына бағышланған «Т.Қайыпбергенов прозасы — миллий қәдириятлар ғәзийнеси» атамасында илимий-теориялық, көр­кем-әдебий еслеў кешеси өткерилди. 

Илажда  Республикалық Руўхыйлық   ҳәм ағартыўшылық  орайының  Қарақалпақстан бөлиминиң  баслығы  Т.Атамуратов,  Қарақалпақстан  Жазыўшылар аўқамының  баслығы К.Каримов,  НМПИ қарақалпақ әдебияты кафедра баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергеновлар  шығып сөйлеп,  Төлепберген Қайыпбергеновтың дөретиўшилиги  ҳәм оның шығармаларына  тоқтап өтти.  Оны  ҳәзирги  қарақалпақ прозасының  кәрўанбасысы, үлкен  романист,  қарақалпақ  тарийхының жылнамашысы еди деп атап өтти. 

  Жазыўшының шығармалары   50-жыллардың орталарынан баслап  жәрияланды.  Оның дөретпелери  өзбек, қазақ, рус, түркмен,  түрк, эстон, татар, молдаван, украин ҳәм басқа тиллерге  аўдарылып басылып шықты.

  Жазыўшы қарақалпақ  тарийхын шеберлик пенен сүўретлеп, ондағы халықтың басынан өткен  қыйыншылықларын ашық  сәўлелендирип бере алды.    

    Қарақалпақ халқының  руўхый байлығын, ерлигин, мораллық дүньясының гөззаллығын ашыўға қаратылғанлығын айтып өтти. Оның  республикамыздың мәденияты ҳәм әдебиятына қосқан бийбаҳа салмақлы үлеси мәмлекетимиз тәрепинен  ылайықлы баҳаланды.  Ол жәмийетлик  жумысларды атқарыў менен бирге  өз дөретиўшилик  тәжирийбесин өсириў үстинде тынбай мийнет етти. 1956-жылы  «Секретарь» атлы биринши повестин жәриялады.  «Муғаллимге рахмет» повести, «Соңғы ҳүжим» романы, «Блокнот сөйлейди» гүрриң ҳәм очерклер топламы, «Уйқысыз түнлер» повестьлери, үлкен тарийхый дәўирди өз ишине қамтыған «Қарақалпақ дәстаны» роман-трилогиясы  «1968-1971-1977», «Көздиң қарашығы» романы, «Фамилья», «Тәнҳә өзине мәлим сыр» шығармалары басылып шығып, оқыўшылар кеўлинен жыллы орын алды. «Қарақалпақнама» роман-эссеси ушын Махмуд Қашғарий атындағы халықаралық сыйлықты, «О дүньядағы атама хатлар» дөретпеси ушын М.Шолохов атындағы сыйлықтың лауреаты болды. «Өзиниң узақ тарийхына  ийе әййемги қарақалпақ халқының кең маңлайына бүгинги күнде  таң жулдызындай жарасып турған Төлепберген Қайыпбергеновдур», деп А.Ариповтың айтқанындай,   қарақалпақ халқы  тарийхында   өшпес из қалдырды.

Илаж соңында «Т.Қайыпбергеновтың шығармаларының билимданы» атамасындағы Түркий тиллер факультети қарақалпақ тили әдебияты  қәнигелиги  1-курс  студентлери арасында жарыс өткерилди.   Буннан соң Нөкис қалалық халық билимлендириў  бөлимине қараслы  39 ҳәм 42-санлы  улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларының  сахналық  көринислери  қойып берилди.

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF