Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:29:11, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛ-ҚЫЗЛАРЫМЫЗДЫҢ  ҚУЎАНЫШЫНА НЕ ЖЕТСИН...

Мойнақта таң өзгеше атады. Теңиз жағысынан кейин шегингени, дәрья суўы тартылғаны менен көктеги қуяш изли-изинен салынып атыр­ған зәўлим жайлардың терезелерине шағылысып, қуслар пәрўазына қосыла кеўиллерге заўық бағышлар еди.

Жумыс күни асфальтланған кең жоллардың еки бойындағы тротуарларда ул-қыз, ақлық-шаўлықларын балалар бақшаларына апарыў ушын жетелеген, ата-апаларының қуўнақ қәдемлери, ойын-күлкилери менен басланар екен.

Келешек әўладларымыз шаңарақ қушағынан соң ҳүкиметимиздиң шексиз ғамқорлықларына бөленип, балалар бақшаларында сап денеде сап ақылы менен жоқары сана-сезимли болып тәрбияланыўы жолында ийгиликли жумыслар исленбекте.

Жақында район орайындағы «Арал» МПЖ аймағынан 17-санлы 100 орынлық мектепке шекемги тәрбия мәкемеси пайдаланыўға берилди. Бақша баслығы болып тайынланған, балалар тәрбиясында мол тәжирийбеге ийе Амангүл Жалдаева менен қысқа сәўбетлестик.

 — Бақшамыздың еки қабатлы имаратын М.Сәрсенов басшылық еткен, жуўапкершилиги шекленген «Профстрой» акционерлик жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары өз мүддетинде сапалы қурып питкерди. Сыртқы абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары талап дәрежесинде орынланған. Тәрбияланыўшыларымыз оқыў ҳәм көргизбели қураллар, қатты ҳәм жумсақ мебельлер, төсек орынлары, ой-өрисин раўажландыратуғын түрли ойыншықлар менен толық тәмийинленди. Ул-қызларымыздың қуўанышына не жетсинЎ Үш мезгил жуғымлы аўқатлар бериледи. Кесте бойынша районымыздың дыққатқа ылайық орынлары, музей ҳәм салынып атырған қурылыс жумыслары, теңиз ҳәм дәрья жағалаўларына тез-тезден саяхатқа шығып турамыз, - дейди  А.Жалдаева.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF