ҚЫЗЫҚЛЫ ҲӘМ ТӘСИРЛИ ӨТТИ
Коронавирус инфекциясы дүньяның барлық мәмлекетлерине тарқалғанына бир жылдан аслам ўақыт өтти. Өткен ўақыт ишинде, бул кеселлик көплеген адамларды өмирден биймезгил алып кетти.
Бүгинги күнде де ҳәр бир мәмлекет коронавирус инфекциясының тарқалмаўының алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша илажлар, емлеў ҳәм реабилитация жумысларын әмелге асырмақта.
Әсиресе, ҳәзирги күнде пүткил жер жүзин бир жылдан аслам ўақыттан берли тәшўишке салып атырған коронавирус пандемиясы ўақтында ҳәр бир инсанның саламатлығына жетерли итибар бериўи талап етиледи.
Соның менен бирге, бул инфекцияның соншелли ҳийлекер екенлигин умытпаўымыз керек. Сонлықтанда, нықап тағыў, социаллық дистанцияны сақлаў, қолларымызды антисептикалық қураллар менен тазалаў яки сабын менен жуўыў, күнине 3-4 литр суйықлық ишиўге әдетленсек өзимиздиң пайдамызға хызмет етеди. Мине усы илажлар арқалы, коронавирус инфекциясынан өзимизди қорғаймыз ҳәм бәлки бул кеселликтиң шаңарағымызға кирип келиўиниң алдын алған боламыз.
Халқымыз арасында, саламат турмыс тәризин түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири саналады. «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фондының Қарақалпақстан Республикасы филиалы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының «Сергеклик — зыянланыўдың алдын алыўдың гилти сыпатында» атлы грант жойбары шеңберинде Қанлыкөл районындағы «Наўрыз», «Қосжап», «Бостан» (Қуламет Жыраў) атындағы аўыл пуқаралар жыйынларындағы мәҳәллелер турғынлары арасында, усы жылдың 24-апрель күни «Бостан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы болып өтти. Жойбар баслығы О. Ембергенова таңлаўды өткериўден гөзленген мақсет ҳәм ўазыйпасы, шәртлер бойынша таныстырып, қатнасыўшыларға табыслар тиледи.
Әҳмийетлиси, таңлаўға аўылдағы ең үлгили ҳәм аўызбиршиликли шаңарақ ағзалары қатнасты. Қатнасыўшы шаңарақ ағзалары үш шәрт бойынша өз-ара беллести. Тийкарынан коронавирус инфекциясына байланыслы дүзилген сораўларға анық жуўаплар берилип, шәртлер бойынша таярланған интермедиялар, қатнасыўшыларда унамлы тәсир қалдырды. Таңлаўда А.Шылымбетовтың шаңарақ ағзалары жеңимпазлықты қолға киргизди. Сондай-ақ, А.Азиев, И.Қәдиров ҳәм У.Омаровтың шаңарақ ағзалары сыйлы орынларды ийеледи. Қызықлы ҳәм тәсирли өткен таңлаў қатнасыўшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қ.РЕЙМОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Қанлыкөл районы.