Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:32:05, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АШЫҚ ЕСИКЛЕР КҮНИ» ӨТКЕРИЛДИ

Жақында Өзбекстан Республикасы   Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Қоңырат районлық оқыў ҳәм спорт техника клубында «Биз — ўатан­сүйиўшилермиз!» сүрени астында «Ашық есиклер күни» өткерилди.

Илажды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет — «Ватанпарвар» шөлкеминиң жумысы, раўажланыў бағдарлары, оның елимиздиң социаллық турмысында тутқан орны, шөлкем тәрепинен әмелге асырылып атыр­ған реформалар ҳаққында қала ҳәм район халқына, әсиресе, жас­ларға жеткериў, шөлкемниң жумыслары туўралы жаслардың санасында жақсы түсиникти қәлиплестириў, жасларда шөлкемге кириўге умтылысты оятыў, жасларды, әсиресе, оның жәмлеспеген бөлегин кәсипке таярлаў, «Темир ҳәм жаслар дәптер»лерине киргизилген шаңарақлардың перзентлериниң мәм­лекет бюджети есабынан оқытылыўы бо­йынша  ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятлар, имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында түсиндириў, балалар, жас өспиримлер ҳәм жасларды шөлкем сиcтемасында бар болған спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери бойынша секциялар ҳәм дөгереклердиң жумыслары менен таныстырыў ҳәм бийпул шуғылланыўға тартыў, пуқаралар ҳәм жасларды оқыў ҳәм спорт-техника клубында жаратылған шараятлар, оның имканиятлары менен жақыннан таныстырыў ҳәм кәсип таңлаўға бағдарлаўдан ибарат болып табылады.

Илажға район ҳәкимлиги, Жаслар ислери бо­йынша агентлиги, мәденият бөлими ҳәм райондағы 39 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы l00ден аслам жаслар қатнасты. «Ашық есиклер күни»н Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмек­лесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Қ.Разбеков ашып берди. Буннан соң район ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары Ж.Сейтмуратов, жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими баслығы А.Мамутовлар шығып сөйлеп, олар өз сөзинде «Ватанпарвар» шөлкеминиң жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы тутқан орны жоқары екенлигин, «Ватанпарвар» шөлкеми менен биргеликте жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер страте­гиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳақ­қында»ғы ПП-6155-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-марттағы 132-санлы қарарында көрсетилген «Темир дәптер» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларды Жаслар фонды есабынан кәсипке бағдарлаў, оларды айдаўшылыққа таярлаўдың биринши басқышы, яғный, А, В, ВС, Д, Е категориялары бойынша оқытыў ушын қәнигелер таярлаў көзде тутылғанлығын, «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қоңырат районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубына райондағы 39 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан қатнасқан l00ден аслам жаслардан 25 жас имтихан арқалы оқыўға қабыл етилип, ҳәзирги ўақытта оқыўлар баслап жиберилгенлигин айтып өтти. Буннан соң илаж қатнасыўшыларына «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қоңырат районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубындағы алып барылып атырған оқыў про­цесс­лери, оқыў класы бөлмелериниң заманагөй үскенеленген оқыў қураллары менен таныстырылып, дөгереклердеги жас спортшылардың көргизбели шығыўлары көрсетилди.

Илаж соңында спорттың техникалық ҳәм әмелий түри болған «Ҳаўа мылтығынан оқ атыў» спорт жарысы өткерилип, жарыс жеңимпазлары Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

 

Сағынбай

ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF