Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:47:13, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАМШЫЛАТЫП СУЎҒАРЫЎ ӨЗИН АҚЛАЙДЫ

Бәҳәр паслының ҳәр бир минут, саатын ғәниймет билген «Сардар-сары алтын» фермер хожалығының ағзалары кешлете силпилеп, таң атқанша жаўып шыққан жаўынның ақыбетинен бир мезгил болса да атызларына кире алмағанлары ушын қый­нал­ған шырай танытты. Аманжол Магарипов басқарған экипаж ағзаларының жети жумыс күнинде 60 гектар жерге «С-4727» сортының элитасын еккенде 3 күнге қалмай жер бетине қалыўсыз көгерип, қатар дизип қалғанларына қуўанышлы. Туқымгершилик хожалығына айланса, шигиттиң мәмлекетлик сатып алыў баҳасы қымбат боларын жақсы түсинеди. Жоба бойынша гектарына 40 центнерден 300 тоннадан зыят жоқары сортлы өним жетистирмекши.

­ Дүнья тән алған тамшылатып суўғарыўдың Израиль технологиясын бул мәмлекетте 17 күн болып, ҳәр тәреплеме үйренип қайтқан әкемиз Шүкирилла Садуллаев ийгиликли ислеримизге басшылық етпекте. Өткен жылғы суўдың там-тарыслығын жап-салмалардан нәўпир суўды қулақ аўзынан ашқандағыға қарағанда 65-70 процентке үнем­лейтуғын ғаўашаны тамшылатып суўғарғанымыз өз жемисин берди. Тек пахташылықтың өзинен 1 млрд. 200 млн. сумлық табыс таўып, соның 6ll млн. сумы сап пайдамыз саналады, - дейди хожалық баслығы Данияль Садуллаев.

­ Тамшылатып суўғарыўдағы биринши қәдемимизде 30 гектар­ға мәмлекет тәрепинен жеңиллетилген кредит алған болсақ, быйыл 60 гектарды өз күшимиз бенен атқармақшымыз. «Сүўенли» каналынан суўды ҳәўизимизге толтырып алыў ушын жаңадан электр линиялары тартылып, трансформаторы жаңаланды.  Бул мақсетлерге 400 млн. сум қаржы жумсадық. Киши трактор паркимизге болса, 3 механизм алып, жоқары өнимдарлықта ислеўши сырт ел техникаларының саны тоғызға жеткерилди. Егис, тәрбия, жыйын-терим мапазларына атыз жумысларын өз күшимиз бенен атқарып, шәртнама тийкарында қоңсы хожалықларға төлемли хызмет түрлерин көрсетиўге өттик.

Баслы итибар жердиң қунарлылығын арттырыўға қаратылып, қыста қарап жатпастан жетерли муғдарда қыйдан намбар таярланып, сүримнен алдын берип, шербетлеп суўғарыўға бир бөлегин сақлап қойдық.  Хожалығымыздың 38 ағзасына жыл басынан шөлкемге бирикпеген 63 аўыл жаслары, «Темир дәп­тер»ге кирген 13 қыз-келиншек қосылып, улыўма саны 100ге жетти. Олардың ҳәр бирине 1 гектардан жер ажыратылып, жыл басынан берли 1 миллион сумнан мийнет ҳақы алмақта. Жерлерин сүрип тегислеў, туқымларына шекем тәмийинлеп бериўди өз жуўапкершилигимизге алдық. Шәртнама бойынша олар тап­қан табысының 70 процентин өзлерине қалдырып, қалған бөлегин қайтарып бермекши. Дәслепки қәдемлери жаман емес, 4 гектар жерге шигит егип, 2 гектарға бағ жаратыў жолында ылғаллы мийнет етпекте.

Көп тармақлы хожалығымыз шарўашылықты баслы тараўға айландырғаннан 30 бас жергиликли ҳәм ҳасыл туқымлы малларымызға беккем от-жем базасын дүзиў ушын жоңышқа, дән ҳәм силос ушын мәкке егислери избе-из жүргизилип атыр. Сондай-ақ, 30 гектарға суўды аз талап ететуғын гүнжи егиў жобаластырылды. Жумыстың бар аўырманлығын техникаларына жеңдирген механизатор Т.Магарипов, сеялкашылардан А.Мәмбеткаримов, Қ.Турсуновлардың мийнетлери мақтаўға ылайық.

Жаслар жетекшиси Гүлмира Баймуратова мийнеткешлиги, шөлкемлестириў уқыбының күшлилиги менен өз досларына өрнек болмақта...

Быйылғы жылдағы ис жобамызға гидропониктен овощ-палыз егинлериниң нәллери менен «көк жем» таярлаў киргизилген.  Президентимиздиң қарарына тийкар, егинниң барлық түрлеринен дерлик тамшылатып суўғарыў арқалы мол табыслар табыўға умтылып, ислери жүрискен хожалық баслығы Д.Садуллаевтың кеўил хошы көтериңки еди.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF