БӘНТЛИК МӘСЕЛЕСИ «ШАҢАРАҚ КЕСИМИНДЕ» ҲӘМ «ҚАРЫЙДАР КЕСИМИНДЕ» ҮЙРЕНИЛМЕКТЕ
Президентимиздиң басшылығында быйылғы жылдың 8-апрель күни аймақларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараўға байланыслы жумыслар додаланып, бар машқалалар сын көзқараста көрип шығылды ҳәм тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Аймақларда «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын енгизиў арқалы халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў ең оптимал жол екенин бүгин ҳәмме тән алмақта.
Қарақалпақстан Республикасында шаңарақлардың дәрамат дәреклерин, пайдалы мийнетке болған мүтәжликлерин «шаңарақ кесиминде» және исбилерменлердиң машқалаларын «қарыйдар кесиминде» үйрениў ҳәм тез шешиў бойынша коммерциялық банклердиң 418 хызметкери мәҳәллелерге турақлы ўәкил етип бириктирилди.
Сондай-ақ, мәҳәллелерде исбилерменлик, инвестиция ҳәм бәсеки орталығын жақсылаў және «драйвер» жойбарларды әмелге иасырыў бойынша секторлар жанында басқарыў офислери шөлкемлестирилди. Бул жумысқа экономика комплексинен улыўма 344 тараў басшысы тартылды.
Бүгинги күнде сектор басшылары тәрепинен ҳәр ҳәптениң шемби күни «мәҳәлле кесиминде» ислесиў бойынша халық ҳәм исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар өткерилип, машқалаларды сапластырыў илажлары көрилип атырғанлығын атап өтиў зәрүр. Соның менен бирге, мәҳәллелердиң қәнигелесиўине қарап, олардың драйвер тараўлары анықланбақта.
Қала ҳәм районларымыздағы 416 мәҳәллениң 140ы саўда ҳәм хызмет көрсетиўге, 97си шарўашылыққа, 76сы киши бизнеске, 65и дийқаншылыққа қәнигелесиўи белгилеп алынды. Сондай-ақ, 21 мәҳәлледе ыссыханалар қурылады, 8 мәҳәлледе қусшылық, 6 мәҳәлледе бағшылық ҳәм 3 мәҳәлледе балықшылық жолға қойылады.
Быйылғы жылдың басынан баслап 1271 киши бизнес субъекти жаңадан шөлкемлестирилип, бүгин олардың улыўма саны 20 мыңға жетти. Буннан тысқары январь-март айларында 1958 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди. 1346 исбилерменлик субъектиниң жумысы қайта тикленди. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда 1645 өнерментшилик субъекти жумыс ислемекте.
Және бир әҳмийетли мәселе, Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында улыўма баҳасы 12,3 триллион сумлық 1359 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 17,6 мың жаңа жумыс орнын жаратыў белгилеп алынды. Ҳәзирги ўақытқа шекем улыўма баҳасы 4 триллион 822 миллиард сумлық 852 жойбар иске қосылып, 5403 халық жумыслы болды.
Усы жылы 593 аймақлық инвестиция жойбарының әмелге асырылыўы нәтийжесинде улыўма 71,6 миллиард сумлық бюджет түсимлери күтилмекте.
Буннан тысқары, мәҳәллелерде жумысларды «шаңарақ кесиминде» және «қарыйдар кесиминде» шөлкемлестириў бойынша дүзилген турақлы ўәкиллер тәрепинен үйрениўлер алып барылмақта. Үйрениўлердиң нәтийжесинде қосымша қуны 80,8 миллиард сумлық 19 жойбар анықланды.
Киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде быйылғы жылы 975 исбилерменлик субъектине улыўма 355,8 миллиард сумлық кредитлер ажыратылған. Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары тийкарында болса халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында улыўма 89 миллиард сумлық жеңилликли кредитлер берилетуғыны белгиленген. Бүгинги күнге шекем «1+1» принципи тийкарында исбилерменлик субъектлерине 2077 жумыссыз жас бириктирилди.
Ҳүкиметимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында шөлкемлестирилген «Кәрханаларды саламатландырыў ҳәм меншиклестириў клиникалары»нда «Кол-центр»лердиң жумысы жолға қойылып, тийисли министрликлер, уйымлар тәрепинен исбилерменлерге әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.
Сондай-ақ, исбилерменлик мәселеси бойынша Бас министрдиң аймағымыздағы қабыллаўханасына улыўма 672 мәселе бойынша 645 мүрәжат келип түскен ҳәм олардың 634и көрип шығылған. Бул мүрәжатлардың көпшилигин жергиликли ҳәкимликлер дәрежесиндеги мәселелер қурайды.
Халық, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша анық режелер белгилеп алдық. Атап айтқанда, быйылғы жылы қала ҳәм районларымыздағы улыўма 22 мың 41 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў белгиленди. Буннан тысқары, 42 мың 97 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў бойынша хызметлердиң көрсетилиўи жолға қойылмақта.
Және бир гәп. «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген жумыссыз пуқаралардың дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын 25 мың гектар жер майданын ажыратыў есабынан 30 мың пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди.
Быйылғы жылдың дәслепки шерегинде 2 482 жойбар есабынан 3710 жаңа жумыс орны ажыратылғанын қуўаныш пенен айтыў мүмкин. Буннан тысқары, улыўма 12 мың 959 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көрилди. Кейинги шерек даўамында исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде олардың санын 3 есеге көбейтиўди режелестиргенбиз. Усы жылдың ақырына шекем ҳәр бир экономикалық көрсеткишлерди 30 процентке арттырып орынлаўды мақсет етип алғанбыз.
Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген ҳәр бир бағдардағы мәселе ҳәм тапсырмаларды, соның ишинде, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлиги бойынша ўазыйпаларды толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўге беккем бел байлағанбыз.
Қаҳрамон САРИЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.