Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:35:13, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ВЕТЕРАН СПОРТШЫЛАР ШӨЛКЕМИНИҢ МӘЖИЛИСИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы «Veteran sportshi» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң мәжилиси болып өтти.

Республикамызда спортты раўажландырыўда мүнәсип үлеслерин қосқан ветеранларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў, бүгинги күни арамызда жоқ спортшылардың естелигин мәңгилестириў, олардың ҳүрметине турнирлер өткериў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыў «Veteran sportshi» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң тийкарғы ўапзыйпаларынан бири болып табылады.

Илажда Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денетәрбиясы ҳәм спорт хызметкери, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Ю.Кулаков, республикамызға белгили палўанлар Ж.Мәмбетов, А.Сатаев, М.Каукишев, С.Сулайманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткен дәўир ишинде  шөлкем тәрепинен бир қатар унамлы жумыслардың алып барылғанын атап өтти. Деген менен, ҳәзиргидей сынаўлы күнлерде бул жумысларды еле де жетилистириў талап етиледи.

Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси қаралды. Бүгинги күни Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик спорт мектебиниң инструктор-методисти болып ислеп киятырған Серик Жүсипбеков  Қарақалпақстан Республикасы «Veteran sportshi» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң баслығы етип сайланды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF