РУЎХЫЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫНА БАҒЫШЛАНДЫ
22-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Мәнаўият ҳәм мәрипат кеңесиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Мәнаўият ҳәм мәрипат Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм алып барды.
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң усы жыл 26 март күнги “Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ҳәмде “Руўхыйлық ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы қарарлары елимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжеси ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў, көлемин және де кеңейтиў, халқымыз, бәринен бурын, жаслар қәлбинде әмелге асырылып атырған реформаларға қатнас сезимин күшейтиў, көп миллетли халқымыз арасында аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлеў, миллий қәдирият, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерди кеңнен үгит–нәсиятлаў, көркем дөретиўшилик ҳәм китапқумарлық мәдениятын белсене қоллап-қуўатлаў, тараўдағы жумысларды муўапықластырыўдың бирден-бир системасын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа басқышқа көтериўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Мәмлекетимиз басшысының “Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарында жақсылық ҳәм адамгершилик принципине тийкарланған «Миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай» идеясын кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы жәмийетте саламат дүньяқарас ҳәм дөретиўшиликти улыўма миллий ҳәрекетке айландырыў, шаңарақ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәҳәллелерде руўхый тәрбияның избе-излигин тәмийинлеў, үгит-нәсият ҳәм тәрбия бағдарындағы жумысларды илимий тийкарда шөлкемлестириў, тараў бойынша илимий ҳәм методикалық изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын беккемлеўге қаратылған турақлы мониторинг системасын енгизиў, ел-журт тәғдирине бийпәрўалық, аўылласлық, таныс-билислик, коррупция, шаңарақлық қәдириятларға бийписентлик ҳәм жаслар тәрбиясына жуўапкерсизлик сыяқлы иллетлерге шек қойыўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў, халықтың Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, идеялық ҳәм мәлимлеме қәўиплерине қарсы идеологиялық иммунитетин күшейтиў, мәденият, әдебият, кино, театр, музыка ҳәм көркем өнердиң барлық түрлери, баспа-полиграфия өнимлери, ғалаба ҳабар қуралларында руўхый-әдеп-икрамлылық критериялар, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлардың үстинлигине ерисиў, геосиясий ҳәм идеологиялық процесслерди турақлы үйрениў, терроризм, экстремизм, сепаратизм, адам саўдасы, наркобизнес ҳәм басқа да қәўиплерге қарсы нәтийжели идеялық гүрес алып барыў ҳәм бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленди.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының мәденият ҳәм мәнаўият мәселелери бойынша кеңесгөйи Г.Изентаева, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министри Р.Реимов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Тақыятас районы ҳәкими И.Маткаримов, Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев сөзге шығып, Президентимиз қарарларының мазмун-мәнисин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Республикамыз қала ҳәм районларында қарардың орынланыўының нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар ҳәм келекшетеги ўазыйпалар бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының аймақлық бөлимлери баслықларының руўхый-ағартыўшылық жумысларда анық нәтийжелерге ерисиў бойынша илажларды белгилеў, олардың мақсетли қор тәрепинен ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкершилигин арттырыў, дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылардың мектеплерде тийкарғы жумыс бағдарларын белгилеў ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша методикалық жәрдем көрсетиў, ислеп шығылған арнаўлы методика бойынша мәҳәллелерде “Бир зыялы – бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер” принципи тийкарында бириктирилген профессор-оқытыўшылар жумысын нәтийжели жолға қойыў, “Ҳәр бир нураный – бес жасқа устаз” принципи тийкарында тәрбиясы аўыр, руўхый жақтан көмекке мүтәж, жәмлеспеген, жумыссыз жаслар менен жумыс алып барыў бойынша тәсиршең усыл ҳәм қураллар ҳаққында усыныслар бериў сыяқлы мәселелер додаланды.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети