МЕДИЦИНАЛЫҚ ТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ — ДӘЎИР ТАЛАБЫ
Туризм — экономиканың раўажланыў процесин еле де тезлестириўши фактор сыпатында үлкен әҳмийетке ийе. Қосымша жумыс орынларының жаратылыўына, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге, пәраўанлығын жоқарылатыўға, миллий, мәдений ҳәм руўхый қәдириятларымызды дүньяға танытыўға хызмет етеди.
Экономикалық искерликтиң өз-ара байланыслы болған бир қатар тармақлардың, соннан, инфрасистеманың раўажланыўына түртки болады.
2018-жылы Түркия мәмлекетиниң Измир ўәлаяты Айдин Кушадас қаласында 8-Халықаралық денсаўлықты сақлаў туризм конгреси болып өтип, онда Өзбекстан Республикасынан 22 қатнасыўшының бири сыпатында қатнастым. «Денсаўлықты сақлаў туризминде жол картасы» деп аталған конгресске 50 ден аслам мәмлекеттен денсаўлықты сақлаў ўәкиллери қатнасты. Түркияға келиўши 6-7 млн туристлик топарының 3-3,5 миллионнан асламы усы Кушадас регионына туўра келеди екен. Бары-жоғы 400.000 жергиликли жасаўшы халыққа ийе болған бул ўәлаяттың соншама үлкен туристлик потенциалға ийе екенлиги, биз ушын ҳайран қаларлық жағдай болды. Буның үстине жаз айларында жергиликли халық 200.000 ға қысқарады екен. Өйткени, олар ыссыдан қашып, таўларға шығып кетеди. Ал, олардың орны туристлер менен толады. Бул ўәлаят түрли әнжуман, конгресслер, халықаралық көркем-өнер фестивальлары, саўда-санаат ярмаркалары өткерилетуғын орайға айланған. Ҳәтте, бир пайыттың өзинде 7 түрли атамада халықаралық әнжуманлар шөлкемлестирилген. Ҳәр бирине 250-400 қатнасыўшы болғанда да ҳәр бир туристлик ағымға хызмет көрсетиўге үлгереди. Буның қаншелли үлкен дәрамат, жумыс ҳәм сервис орынларын жаратыў дегени. Аўыл хожалық өнимлерин жетистириў, қайта ислеў, әнжир, зайтун сыяқлы мийўелери менен жәҳәнге таныс үлке екен. Инновациялық идея, техника ҳәм өз-ара тәжирийбелер алмасыўға айрықша итибар бериўди талап етеди. Қәнигелердиң тынымсыз излениўи, имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўы бизде үлкен тәсир қалдырды. Бизлердиң көз алдымызда да Өзбекстанның денсаўлықты сақлаў туризминде жол картасы сызыла баслады.
Конгрессте жергиликли ҳәм шет еллер денсаўлықты сақлаў системасындағы университет, емлеўхана, клиника, академиклердиң, исши топарлардың баянатлары тыңланды. Реклама, бирге ислесиў мүмкиншиликлери ўақыттан үнемли пайдаланылған ҳалда биргеликте алып барылды. Түркия ҳәм бир қатар шет ел санатория, клиника, денсаўлықты сақлаў, туризм басшылары, жетекши қәнигелери менен өз-ара пикир алмасылды, қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, статистикалық мағлыўматлар менен таныстық. Қысқа, бирақ жүдә қызықлы өткен бул жыйналыс бизлерге үлкен тәжирийбе мектеби болды. Қатнасыўшылар арасында Қырғызстан делегациясының 45 қатнасыўшысы ҳәм телевидение хызметкерлери менен қатнасқанлығы бәршениң итибарын тартты.
Денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық билимлендириў салаларында, жетекши изертлеў орайлары арасында тәжирийбе алмасыў және профессионал кадрлар таярлаў бағдарында бирге ислесиўде бундай тәжирийбе алмасыўлар үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Республикасында туризмниң ҳәр түрли бағдарлары — саяхат, зыярат, гастрономиялық ҳәм экотуризм менен бир қатарда медицина туризми тараўына да стратегиялық әҳмийет берилмекте. Президентимиздиң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Министрлер Кабинети тәрепинен «2019-2023-жылларда Өзбекстан Республикасында медицина туризмин раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы жойбары ислеп шығылды.
Туризм — бул елимиз экономикасының ертеңи. Солай екен, сырт еллерден келиўши саяхатшылар ағымын көбейтиў ҳәм ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў, туристлик хызметлерди жақсылаў ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша мәмлекетимизде жаратылып атырған имканиятлар ҳәм берилип атырған жеңилликлер ҳаққында халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыўымыз тийис.
Анжела Омирова,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.