ТӘБИЯТ ИНАМЛАРЫНАН МАҚСЕТЛИ ПАЙДАЛАНАЙЫҚ!
Байрам 2009-жылы БМШ Бас Ассамблеясының 63-сессиясында 50ден артық мәмлекет ағзалары тәрепинен қәўендерлик етилген ҳәм 22-апрель сәнеси Халықаралық жер күни сыпатында қабыл етилип, 2010-жылдан баслап белгиленип келинбекте.
Бас Ассамблеяның 63-сессиясының баслығы Мигел дъЕссото Брокман бул Халыкаралық күнниң қарарында Жер ҳәм оның экосистемалары бәршемиздиң улыўмалық үйимиз екенин тән алыў, инсаниятты ҳәм барлық тиришиликти өмир менен тәмийинлеўде жердиң әҳмийетин, БМШтың қоршаған орталық бойынша конференциясында қабыл етилген мәжбүриятларды тастыйықлаўын 1992-жылда Рио-де Жанейрода жәриялаған.
Соның ушын ҳәзирги ҳәм келешек әўладлардың экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық мүтәжликлери барысында әдалатлы теңликке ерисиў ушын тәбият ҳәм Жер планетасы менен үйлесимлик тәмийинлениўи керек.
Бүгинги күнде республикамызда жер ресурсларынан пайдаланыў ҳәм аўыл хожалығы жерлериниң өнимдарлығын арттырыў, аўыл хожалығы жерлеринен әсиресе, суўғарылатуғын жерлерден басқа мақсетлерде пайдаланыўдың алдын алыў бойынша бақлаў орнатыў, сондай-ақ, республика жер фонды есабын жүргизиўди дизимлестириў бағдарындағы ис-илажларды әмелге асырыў әҳмийетли ўазыйпалардан есапланады.
Соның ушын, республикамыздың тийкарғы дийқаншылық пенен шуғылланатуғын таў алды ҳәм таў асты аймақларындағы топырақ шараяты, аўыл хожалығы егинлери талапларын есапқа алған ҳалда егинлерди туўры жайластырыў, ислеп шығарыўды еле де қәнигелестириў, аўыл хожалығы жерлеринде кадастр есабын жүргизиў оғада әҳмийетли.
Сол себепли, аўыл хожалығын еле де раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықты социаллық жақтан қорғаў, оларды жумыс орынлары менен тәмийинлеў мақсетинде, мийўешилик, палызшылық ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринен мақсетли пайдаланыў механизмин кеңейтиў сыяқлы бағдарларға айрықша итибар қаратылмақта.
ЖЕРЛЕРДИҢ ЖЕМИРИЛИЎИ ҲӘМ ШӨЛИСТАНҒА АЙЛАНЫП, ЖЕР ДЕГРАДАЦИЯҒА УШЫРАЎЫ ҲАҚҚЫНДА НЕ БИЛЕМИЗ?
Жер деградациясы ГЭЖ тәрепинен төмендегише түсиндириледи: «Узақ мүддетли экологиялық өнимдарлықтың кемейиўи яки тәбийғый биологиялық көптүрлиликтиң азайыўы яки сыртқы тәсирлерге шыдамлылығының жоғалыўы нәтийжесинде экодүзилмелердиң пүтинлигине кери тәсир етиўши жердиң тәбийғый қәбилетиниң жаманласыўы формасы». әпиўайы сөз бенен айтқанда, жер деградациясы — бул жер алдынғы өнимдарлығының жоғалыўы. Оған тийкарынан төмендеги 3 фактор себеп болады.
- Өнимдарлықтың пәсейиўи — жер өнимдарлығының пәсейиўи Өзбекстанның барлық аймақларында гүзетиледи. Топырақ өнимдарлығын, әдетте бонитет баллары бойынша есапланып, бирлиги 0 ден 100ге шекем. Бонитет баллы қандай есапланыўы ҳәмме ушын зәрүр емес, лекин соны билиў керек бонитет баллы қаншелли жоқары болса, жер соншелли өнимдар болады. 1990-жыллардың басынан берли Өзбекстан бойынша суўғарылатуғын жерлердиң бонитет баллы 55-65 тен орташа 10 баллға пәсейген. Буннан белгили, Өзбекстан бойынша суўғарылатуғын жерлердиң бонитет баллы жағдайы «орташа» яки «орташадан пәслеў», Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстанда болса — «төмен».
- Тәбийғый биологиялық көптүрлиликтиң пәсейиўи — жердиң мәлим экологиялық хызметлерин (өнимдарлық, патасланыўына шыдамлылық, гидрология циклинде қатнасыў, химиялық элементлер айланыўы циклинде қатнасыў ҳәм тағы басқалар) барлық процесслерде қатнасыўшы биологиялық тиришилик формаларының көп түрлилиги бир-бирине тиккелей байланыслы. Биологиялық түрлер муғдары азайыўы менен өтип атырған процесслердиң муғдары ҳәм олардың сапасы түседи. Нәтийжеде деградацияға ушыраған жер пайда болады.
- Сыртқы тәсирлерге шыдамлылық қәсийетиниң пәсейиўи — зәрүр ҳәрекеттеги саламат экосистемалар түрли тәбийғый (климат ҳәм басқа тәбийғый апатлар) ҳәм антрапоген (патасланыў, ўақтыншалық кери тәсир ҳәм басқалар) тәсирлерге шыдайды. Усы система ишиндеги туўры ҳәрекеттеги процесслер, биологиялық көптүрлиликтиң барлығы экосистеманың кери тәсирлерден тиклениўине ҳәм алдынғы функцияларына қайта ийе болыўына алып келеди. Биофизикалық процесслердиң айрықша бузылыўы дүзилмениң тиклениў қәбилетин жойтады. Нәтийжеде мәмлекетте бундай жерлер пайдаланыўға жарамсыз болады.
ЖЕРЛЕР НЕ УШЫН ДЕГРАДАЦИЯҒА УШЫРАЙДЫ?
Жер деградациясының тийкарғы себеплери — бул аўыл хожалығы ислеп шығарылыўдағы әмелияттың ақылға муўапық алып барылмаўындаf жайлаўлардан ҳәдден тыс пайдаланыў, тоғай ҳәм басқа өсимлик қатламларының жоқ етилиўи.
Аўыл хожалығында суўғарылатуғын жерлерде муғдарынан артық суўдың сарпланыўында, топырақтың жоқары қатламының самал ҳәм суў эрозиясына ушыраўында, топырақтың жоқары қатламының тығызласып, арнаўлы қабат пайда болғанда, топырақ шорланыўында ҳәм ҳәр түрли топырақ патасланыўы көринеди. Соның ушын жерге ислеў бериў қандай алып барыўы дыққат пенен үйренилиўи тийис.
Жайлаўлардан муғдарынан артық пайдаланыў бир жайдың өзинде үлкен муғдарда шарўа бағылыўында көринеди. Бундай жағдайда жайлаўлардың өнимдарлығын тиклеў қәбилети пәсейип кетеди. Басқаша етип айтқанда, шарўа өсимликти сол дәрежеде жегенинен экосистемасы оны қайта тиклей алмайды. Тийкарынан аймақ пунктлери яки ислеп турған суў дереклери әтирапындағы жайлаўлардың саны тез пәт пенен пәсейип кетпекте. Соның менен бирге, көплеген тәбийғый жайлаўлар пайдаланылмай, деградацияға ушырамақта. Жайлаўларға туяқлылар келмесе, ең жоқары топырақ қатламы қатып қалады ҳәм сол жерге өсиўи мүмкин болған өсимлик туқымлары тарқамайды. Сондай-ақ, өсимликлердиң биологиялық көптүрлилиги раўажланбайды ҳәм алдын айтып өткенимиздей, биологиялық түрлер кемейген сайын биологиялық процесслердиң өтиўи ҳәм жаманласады. Нәтийжеде жер деградациясы келип шығады.
Ески ўақытлардағы жайлаўларды мәўсимлик алмастырыў усылынан ҳәзирде пайдаланылмайды. Тасланды суў дереклерин тиклеў жайлаўлар алмасыўын қайта шөлкемлестириў, жақсыланған от-жем түрлеринен пайдаланыў сыяқлы әмелиятларды қолланыў керек. Және де тоғай ҳәм путазарлардың жоқ етилиўи жоқарыда атап өткенимиздей, жерге кери тәсир етеди. Әсиресе, Өзбекстанда көплеп ушырайтуғын қурғақ ҳәм таўлы аймақларда бул оғада әҳмийетли.
Таўларда ҳәм тоғайлар бир қатар экологиялық функцияларды атқарады. Таў тоғайлары жоқ етилгенде тек ғана сол жердиң экосистемасы емес, бәлки адамлардың ҳәм өмири қәўип астында қалады. Таўларда өсимлик дүньясының жоқ етилиўи тез жүз беретуғын тәбийғый апатларға алып келеди — сел, жер ҳәм қар көшиўи. Халық терек ҳәм путаларды күнделикли турмыс ушын пайдаланады. Лекин тереклер санын қайта тиклеў менен шуғылланбайды. Тәбиятта ҳәр бир предметтиң өз атқаратуғын хызмети бар екенлигин есапқа алып, жерден, улыўма тәбият инамларынан мақсетли пайдаланайық!
Турғанбай
ХОЖАНАЗАРОВ,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты,
Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының ағзасы.