Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:23:29, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРТЕМИЯ ЖӘНЛИГИНИҢ «АЛТЫН МӘЙЕК»ЛЕРИ...

Арал теңизин шабырыстырып туратуғын ағын суў сағасынан тыйылғалы айнып, дузға шыдамлы, ең соңғы камбала балығы да тиришилик ете алмай, қырылып кеткени ҳеш кимге сыр емес.

Бүгинги әўлад 2000-жылдан баслап дузлылығы жүдә басым теңиз суўындағы артемия жәнлигиниң мәйегин жыйнаў арқалы жаңа санаатлық түрин иске қосты. 2009-жылы артемия мәйегин жыйнайтуғын бир кәрхана болса, бүгинги күнге 23ке жетип, жәми 580 тонна өним жетилистирилген.

— Елиўден аслам адам жумыс ислейтуғын мийнет жәмәәтимиздиң тийкарғы жумыс орны Арал акваториясындағы теңиз суўы азы-кем сақланып қалған 130 километр қашықлықтағы «Ақтумсық» участкасында. Артемия жәнлигиниң жағаға  толқын шығарып таслаған цистасын (мәйегин) үш айда 40 тонна жыйнап, жобалы тапсырмамызды орынлап шықтық. Дүнья тәжирийбесинде артемия мәйеги Қытай, Япония мәмлекетлеринде шаянларға витаминлерге бай азықлық зат ретинде бериледи. Сондай-ақ, тийкарынан алғанда 5 — аквамәденият, агросанаат, фармацевтика, медицина ҳәм косметологияда кеңнен қолланылмақта. Артемия мәйегинен таярланған өнимлердиң дерлик 90 проценти аквамәдениятында ислетиледи. Бул сийрек гезлесетуғын өнимниң қурамы протеин, аминокислота ҳәм витаминлерге бай. Балықлар және шаян тәризлилерди көбейтиўде де азық сыпатында пайдаланылады. Соның ушын жәҳән базарында 1 килограмм артемия мәйеги 30-40 доллардан басланатуғын баҳада қымбатқа сатылады.

Егер, өз технологиямызды жетилистирип, сапасын жақсылаўда ең биринши теңиз суўына жуўып, ызғарлығын 35 проценттен 12 процентке түсирсек талап дәрежесинде болар еди. Алдағы ўақытта бирге ислесетуғын сырт ел инвесторларын көбирек тартыў ушын жақында Япония, Иран мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы шәртнамаларға қол қойылды. Сондай-ақ, артемия мәйегин жыйнап алатуғын бөлип берилген аймағымызды еле де кеңейтсек дийдилеген өним алыў мүмкиншилигине ийе боламыз ҳәм жасларды көбирек жумысқа тартыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге ерисемиз.

Арал теңизиниң ултанында қыйын шараятларда жумыс ислеўшилер арнаўлы палаткаларда жасап, барлық қолайлы турмыс шараяты жаратылып берилген. Россия ҳәм қытайлы илимпазлар илимий лабораторияларда жумыс алып барылғанлықтан артемия мәйегин жасалма түрде алыўдың жолларын қарастырмақта, - деп ис жүргизиўши А.Мәмбетов өз жумыслары ҳаққында толып-тасып сөз етти.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

СҮЎРЕТТЕ: (Солдан оңға қарай) И.Жумабаев, Б.Дәнияров,

ис жүргизиўши А.Мәмбетов ҳәм Е.Ермағамбетовлар жумыс басында.

Автордың түсирген сүўрети. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF