Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:08:25, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЫҚЛЫМ ӨЗГЕРИЎИ МАШҚАЛАСЫНА  БАҒЫШЛАНДЫ

Бүгинги күнде дүнья жүзи бойынша машқалаға айланған ықлым өзгериўи дүнья жәмийетшилигин тәшўишке салмақта. Бундай өзгерислердиң инсан хызмети менен байланыслы екенлиги өкинишли.

Мине усындай шешимин күтип турған көп ғана машқалалар дөгерегинде пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы музейдиң конференция залында ғалаба хабар қуралларында қоршаған орталық ҳәм ықлым темаларында қәлем тербетиўши журналистлер ҳәм блогерлер қатнасыўында «Ықлым өзгериўи-глобал машқала яки жаңа раўажланыў парадигмасы» атамасында қызғын сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Илаж  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў бағдарламасы, Дослық ҳәм раўажланыў ислери бо­йынша Уллыбритания сырт­қы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Гидромете­орология хызмети орайы менен биргеликте «Орайлық Азияда ықлым қәўипсизлиги бойынша сиясий шаралар» аймақлық жойбары шеңберинде шөлкемлестирилип, бунда ықлым өзгериўине қарсы гүресиўде жедел ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў арқалы Орта Азияда ықлым қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша стратегиялық шараларды күшейтиўге бағышланды. Сәўбетлесиў барысында сөзге шыққан Өзбекстандағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң раўажландырыў бағдарламасы, Ықлым ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша бөлим баслығы Б.Палўаниязов, Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети ўәкили  Н.Агальцева, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекстандағы Раўажланыў бағдарламасы, ықлым өзгериўи мәселелери бойынша қәнигеси  Л.Завьяловалар өз баянатларында атап өткениндей Ықлым өзгериўи бойынша өткерилип атырған пикирлесиўлердиң илимий ҳәм сиясий мазмуны, мәмлекетлер тәрепинен усынылған Киото протоколы ҳәм Париж келисими сондай-ақ, басқа да халықаралық ҳүжжетлер бо­йынша тийисли миннетлемелердиң орынланыўы ҳаққында кеңирек мағлыўматлар берилди.

  Соның менен бирге, глобал ықлым өзгериўиниң тийкарғы себеплери ҳәм оның инсанлар турмысындағы жәмийетлик-экономикалық тәсири, сондай-ақ, Өзбекстан делегациясының БМШ ықлым өзгериўи шеңбериндеги конвенциясы Тәреплердиң 26-конферен­циясында болып өтетуғын пикирлесиўлерге таярлықлықлар ҳаққында да айтып өтилди. Бул конференция усы жылдың ноябрь айында Глазго қаласында болып өтеди. Бундай конференцияның өткерилиўи глобал ысыўдың алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжелилигин арт­тырыўда оғада әҳмийетли,- деди Л.Завьялова.

Кеше қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызық­тырған мәселелер бо­йынша жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF