ТЕСТ СЫНАҚЛАРЫНДАҒЫ МҮМКИНШИЛИКЛЕР
Үшинши Ренессанс тырнақ тасын бүгинги жасларымыз қалайды. Солай екен, олардың билим алыўы, жетик қәнигелер болып жетилисиўи мәмлекетимиз сиясатында баслы мәселе болып, дыққат-итибардан шетте емес.
Билимлендириў тараўындағы енгизилип атырған өзгерислер, жаңалықлар сапалы көрсеткишлерге ерисиўге бағдарланған. Жасларды студентликке қабыллаў олардың билимин әдалатлы баҳалаў менен байланыслы. Сонлықтан, Мәмлекетлик тест орайы ҳәр жылы талабанларды жоқары оқыў орынларына қабыллаў шараятларын жетилистирип бармақта. Быйылғы қабыллаў тест сынақларын жетилистириў ушын енгизилип атырған өзгерислер, жаңалықлар ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлим баслығы Музаффар Абдуллаев төмендегише мағлыўмат берди:
Мәмлекетимизде билимлендириў тараўына, жасларды кәсип-өнерге таярлаўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде жоқары мағлыўмат алыўға болған умтылыўшылық жоқары дәрежеде.
Бүгинги дәўир талабы жасларды әдеўир жетилистирди. Өткен 2020-2021-оқыў жылында 82 мыңнан зыят абитуриент ҳүжжетлерин онлайн дизимнен өткерип, билимлерин сынап көрди. Жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў ушын өткерилген тест сынақлары нәтийжеси бойынша 65 мыңнан аслам абитуриент студентликке усыныс етилмеди. Бул ҳүжжетлерин тапсырған абитуриентлердиң сыртқы тәсирлерге берилмей, «тәўекел етип көрейин, әўметим келсе оқыўға кирип кетермен» деп жүрген оқыўшылардың тек ўақыттан утылғанын дәлилледи.
Быйылғы оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларына 100 мыңнан аслам талабанлардың ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте. Тест сынақлары ушын ашық стадионлар ҳәм майданлар менен биргеликте үлкен сыйымлылыққа ийе спорт залларда да өткериў бойынша жумыслар алып барылып атыр. Бул бойынша дислокация таярланды. Жуўапкер министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен тастыйықланды.
Быйылғы оқыў жылында билимлендириў мәкемелерин питкеретуғын оқыўшылар саны 25 мыңнан аслам. Бул питкериўшилер ушын бир қанша мүмкиншиликлер жаратылған.
Заманымыздың тез пәт пенен раўажланыўы, жаңаланыў дәўиринде тәлим-тәрбия системасының сапасы ҳәм нәтийжелилигин асырыў, жасларда заманагөй билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў, абитуриентлерди жоқары оқыў орынларына қабыллаў тест сынақларын жетилистириў тийкарғы ўазыйпалардан есапланады. Усы тийкарда 2020-жылы 12-октябрьде «Улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежесин баҳалаўдың миллий тест системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди. Қарар талабына бола улыўма билим бериў пәнлери бойынша сертификатлаў жолға қойылды. Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-декабрьден баслап ана тили ҳәм әдебияты (өзбек тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты) пәни бойынша басқышпа-басқыш бакалавр тәлим бағдарларына сәйкес келетуғын пәнлер комплексиндеги улыўма билим бериў пәнлеринен билиў дәрежесин баҳалаўдың миллий тест системасы енгизилди.
2021-2022-оқыў жылы ушын студентлерди қабыллаўдан баслап тийисли улыўма билим бериў пәнин (шет тили пәнлери буған кирмейди) билиў дәрежеси ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги сертификатқа ийе болған жасларға сертификаттағы өзлестириў процентине сәйкес түрде жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға қабыл етиў бойынша тест сынақларында усы пәннен белгиленген максимал баллға салыстырмалы балл бериў тәртиби орнатылды. Усы жылдың 1-февралынан химия ҳәм биология, 2022-2024-жылларда физика, география, тарийх пәнлери бойынша сертификат енгизиледи.
Ҳәзирги ўақытта ана тили ҳәм әдебияты (өзбек тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты), математика, биология ҳәм химия пәнлеринен тийисли тәртипте дизимнен өткен талабанлар ушын апрель айында имтихан сынақлары өткерилиўи белгиленген. Бул пәнлерден миллий сертификат алыў мақсетинде имтихан тапсырыў ушын Мәмлекетлик тест орайының www.dtm.uz ҳәм www.my.dtm.uz сайты арқалы онлайн дизимнен өтиледи. Соң сынақларда қатнасыў мүмкиншилигине ийе болады.
Қәлеўшилер ушын соны да билдирип өтиўимиз керек, яғный, улыўма билим бериў пәнлеринен миллий сертификат алыў ушын берилетуғын тапсырмалар жоқары оқыў орынларына кириў ушын берилетуғын тест тапсырмаларынан өзгеше болады. Бул имтиханларда берилетуғын тест тапсырмаларының үлгилери Мәмлекетлик тест орайының www.dtm.uz сайтында берилген.
Мине, жоқары мағлыўматлы қәниге боламан, деген талабанлар ушын қолайлы имканиятлар бар. Оннан утымлы пайдаланып, өзиниң билимин сынақтан өткерип көриўи, миллий сертификатқа ийе болыўы келешекте өзи қәлеген тәлим бағдары бойынша билим алыўына мүмкиншилик береди.
Жазып алған:
Б.КАРАМАТДИНОВА.