Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:39:21, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГИДРОПОНИКТЕ  ТАЯРЛАНҒАН  КӨКЖЕМ

Онлаған шаңарақ түтин түтетуғын «Ҳәким ата» АПЖ аймағындағы «Үшөзек» аўылы Қоңырат пенен Мойнақ районларының ортасы, «Таллық» каналы бойына жайласқан. Нафиса Байния­зованың 2003-жылы өз атына ашқан көп тармақлы фермер хожалығы бийдай, овощ-палыз егинлерин егиў менен бир қатарда 2 гектар­ға мийўели бағ жаратады.

Шарўашылықты да баслы тараўға айландырып, жыл жуўмағын сап пайда менен жуўмақлағаны себепли аты ҳүрмет пенен тилге алынбақта.

­ Суўсызлық әламатларын басларымыздан кеширсек те истиң көзин билип ҳәрекет еткенимиз өз жемисин берип атыр. Ҳасыл туқымлы малларымыз бенен қой-ешкилеримиздиң бас саны көбейди. Нәсилли гисар қойлары менен падамыз жаңаланды, - дейди хожалық баслығы Нафиса Байниязова.

­ 20l9-жылы меншиктиң басқа бир түри, шарўашылыққа негизленген «Әжинияз жайлаўлары» кооператив хожалығына айландық.  20 гектарға таза түбир жоңыш­қа егилди. 10 гектарлық сексеўилдиң нәлханасын шөл­кемлестиргенимизди баслы утысымыз деп билемиз.

Инновациялық технологияны өндириске енгизиў ушын мәкан жайымызға тартылған электр қуўатлығын күшейтиў жоллары қарастырылды. Өз есабымыздан 109 миллион сумға 280 кВтлық электр линиясын 11,5 километр аралыққа тартып келдик.

Қыйын экологиялық ықлым шараятында жасап ҳәм мийнет етип атырғанымыз ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес ПРООН шөлкеминиң гидропоник қурылмасы, трактор, плуг, сеялка, шөп майдалайтуғын агрегатлар, жерди лазер усылында тегислейтуғын механизмлери грант­тан утып алынды. Кон­вейер усылында ислейтуғын гидропоникте 80 килограмм бийдайды көгертсек, 500 килограмм ири от-шөплер, жоңышқа, жүўери, жүўери пақал, салы сабанларының унтағын араластырыў арқалы жуғымлы витаминлерге бай күнине 500 килограмм, айына 3,5-4 тонналық көкжемди ислеп шығарыў мүмкиншилигине ийе боламыз.

Гидропоникте овощ-палыз, басқа да егинлердиң нәллерин ерте шығарып, ашық майданға көшириў басланды. Көкжем менен ҳәзирше өзлеримиздиң талабымызды қанаатландырсақ, жақын айларда қоңсы хожалықларға да буйыртпа тийкарында жеткерип бериў ушын 100 тоннадан зыят салы сабаны, басқа да ири от-шөплер таярланды, - дейди хожалық баслығы Н.Байниязова.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF