Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:00:38, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЛҒАСБАЙ ­ АЗИЯДА ТЕҢСИЗ

Өткен ҳәптеде Қазақстанның Алма-Ата қаласында спорт гүреслери бойынша гезектеги Азия чемпионаты болып өтти. Континентимиздиң ең күшли гүрес шеберлери күш сынас­қан бул чемпионатта Өзбекстанлы палўанлар да мүнәсип тәризде қатнасты.

Мәмлекетимиз сайланды командасының ағзалары бир-бирден алтын, гүмис ҳәм қола медальларына ийе­лик етти.

Қуўанарлы тәрепи, алтын медаль қарақалпақстанлы Жалғасбай Бердимуратовтың мойнына тағылды.

Жерлесимиз чемпионатта грек-рим гүреси бойынша 82 килограммға шекем салмақ категориясында қатнасты. Бул салмақта қатнасыўшылар саны аз болғанлығы себепли беллесиўлер айланба системасында өткерилди. Финалда Жалғасбай қыр­ғызстанлы Калидин Асикеев­ке қарсы гилемге шықты ҳәм 3:1 есабында жеңиске еристи. Соны айтыў керек, жерлесимиз айланба система шеңберинде әйне усы палўаннан киши есапта жеңилип қалған еди ҳәм финалда мүнәсип тәризде реванш алды.

Солай етип, Жалғасбай өз сыйлықларының қатарына Азия чемпионлығын да қосып қойды. Ол 2019-жылы Нурсултан қаласында болып өткен жәҳән чемпионатында Токио олимпиадасының жолламасын да қолға киргизген еди. Жерлесимизди бул табысы менен қыз­ғын қутлықлап, алдағы беллесиўлерде де табыслар яр болыўын тилеймиз.

Жақында Азия чемпионы республикамыздың кең жәмийетшилиги тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF