Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:02:33, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖҮЗИМГЕРШИЛИК ҲӘМ БАҒШЫЛЫҚТАҒЫ ТАМШЫЛАТЫП СУЎҒАРЫЎ

Жерге 50 сантиметр тереңликте шуқыр қазып, механизатор Амангелди Қундыбаевтың тракторға тиркелген ыдысларынан ишине қуйған бир шелек суўы сиңгеннен соң жүзим нәлшелерин шаншып, дәслепки 5 гектарын егип үлгерген аўыл жасларының жеделли ҳәрекетлерин сүйсине бақладық.

­ Егислик жерлеримиз гүзги-қысқы суўдан қанып ишпеди. Онысыз да 18 гектарлық жүзимзарлыққа қосымша 17 гектар жерге мийўе нәллерин отырғызыўда бираз кешиктик. Кегейли районындағы жүзим ҳәм мийўе нәллерин жетистиретуғын Шредер атындағы нәлшилик хожалығынан алып келинген нәллеримиз бир ҳәпте ишинде жерге тамыр урып кетсе не жақсы! Оннан соң таза ағын суў менен суўғармасақ нәллеримиз қуўрап, сонша мийнет ҳәм қәрежетимиз күйип кетеди, - дейди быйылғы жылда 35 гектар жерди жүзимгершилик ҳәм бағшылық хожалығына айландырыў ушын тамшылатып суўғарыўды әмелге асырмақшы болған көп тармақлы «Мойнақтың тәбият саўғалары» фермер хожалығының баслығы Айбек Қурбанов.

­ Мойнақ шараятында суўдың тамтарыслығы жийи-жийи ушырасып турса да қолымызды истен суўытпадық. Егислик жерлеримизге жетерли муғдардағы суў сыйымлықтағы ҳәўиз қазып, 2,1 км узынлыққа мөлшерленген түрли диаметрдеги пластмасса, 35 километрлик қатар аралары менен түплерине дейин жететуғын 16 мм.лик пластмасса трубаларды қурып, монтажлаў жумыслары басланды...

Суў ­ тиришилик арқаўы. Ҳүкиметлик қарарлар тийкарында бул қыйыншылықларды жеңиўдиң бирден-бир жолы дүнья тәжирийбесинде кеңнен қолланылып киятырған тамшылатып суўғарыўға айрықша итибар берилмекте. Банклерден алынатуғын аз өсимдеги кредитлердиң көпшилик бөлегин төлеп бериўди мәмлекетимиз өз мойнына алғаны бираз жеңилликлер туўдырмақта.

Хожалық ағзалары 50 гектар жерге овощ-палыз, от-жемлик дақылларды егиўди жобаластырып отыр. Россиядан гөш ҳәм сүт жетистириў бағдарындағы 26 бас ҳасыл туқымлы сыйырлар алып келинген. Барлық итибар ерте бастан беккем от-шөп базасын дүзиўге қаратылып, жерден мол өним алыў кереклигин жақсы түсинеди. Соның ушын, хожалыққа ағза болған «Ҳәким ата», «Дослық» ҳәм «Әлий аўыл»лардың дийқаншылық ҳәм шарўашылықта мол тәжирийбеге ийе турғынлары менен бир қатарда жигирмадан аслам қыз-жигитлер бул иске шынтлап қол урып, ўақыт пенен санаспай мийнет етпекте.

Хожалықта егис жумыслары менен бир қатарда ҳасыл туқымлы маллар ушын үскенеленген малхана, жуғымлы жемлерин сақлайтуғын қоймаханалардың қурылыс жумыслары бир-бирине иркинишсиз алып барылмақта.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

СҮЎРЕТТЕ: бағ жаратыўшы С.Бекетов, Г.Халмура­това ҳәм

хожалық баслығы А.Қурбановлар егис мапазында.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF