Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:04:24, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ҚОСПА КӨПИРДИҢ ҚУРЫЛЫСЫ БАСЛАНДЫ

Мәмлекетимиз басшысы 2019-жылдың 20-21-август күнлеринде Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында 2020-2022-жыллар аралығында Әмиўдәрьяның үстинен өтетуғын темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпириниң қурылысын жойбарластырыў ҳәм оны әмелге асырыў бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берген еди. Ал, 2020-жылдың 12-13-декабрь күнлери аралығында Хорезм ўәлаятына болған сапары даўамында болса, Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятын тутастырыўшы Әмиўдәрьяға қурылатуғын қоспа көпирдиң қурылысын баслаў бойынша тийисли тапсырмалар берип, қурылыс жумыслары қысқа мүддет ишинде баслап жиберилди.

Жаңа қоспа көпирдиң қурылысы жойбарына буйыртпашы етип «Өзбекстан темир жоллары» АЖ белгиленген. «Бас транс жойбар» АЖ тәрепинен жойбарластырылған жаңа қоспа көпирдиң узынлығы 412,7 метр болып, бийиклиги 11,5 метр, ал, кеңлиги 8,5 метрди қурайды.

Көпир қурылысын сапалы етип өз мүддетинде тапсырыў ушын «Өзбекстан темир жоллары» АЖниң «Көпир қурылысы трести» унитар кәрханасының 13, 14, 67-санлы көпир қурыў отрядларының 120дан аслам бетон қуйыўшы жумысшылары ҳәм 30дан аслам арнаўлы техникалары тартылған. Ҳәзирги ўақытта қурылысшылар тәрепинен 30дан аслам арнаўлы техникалар жәрдеминде бурғылаў ҳәм көпирдиң свай қазықларын бетонлаў жумыслары алып барылмақта.

­ Қоспа көпирдиң қазығы өткен жылдың 26-декабринде қағылған болса, қурылысты бы­йылғы жылдың 5-январынан басладық. Жумыс вахталық усылда алып барылады. Қурылыс жумыслары еки сменада жүргизилип атыр. Биринши смена азанғы 7.00ден кешки 19.00ге шекем, екинши смена кешки 19.00ден азанғы 7.00ге шекем ислейди. Жумысшыларымыз ушын барлық шараятлар жаратып берилген. Жатақханалар, төрт мезгил ыссы аўқат, арнаўлы хызмет кийимлери ҳәм жумыс қураллары менен толық тәмийинленген. Олар бир ай даўамында 15 күн ислеп, 15 күн дем алады. Көпирдиң қурылыс жумыслары толығы менен басланғаннан кейин қурылыста 300ден аслам жумысшылар ислейди, - дейди «Қыпшақ» қурылыс участкасы 14-санлы көпир қурыў отрядының баслығы Дәстан Ибадул­лаев.

Буннан тысқары, «Көпир қурылысы будлаш» отрядының 140тан аслам жумысшылары тәрепинен 79 километр узынлықтағы «Шават-Гүрлен-Жумыртаў-Қараөзек» темир жол линиясының қурылысы жумыслары да қызғын пәтлер менен жүрип атыр. Ҳәзирги ўақытта олар 70тен аслам арнаўлы техникалар жәрдеминде жаңадан қурылып атырған темир жол линиясының астына қум төсеў ҳәм тегислеў, суўғарыў ҳәм нығызлаў жумысларын алып бармақта. Жаңа темир жол линиясын қурыў жумыслары жуўмақланғаннан кейин елимизге Россия Федерациясы ҳәм Қазақстан Республикасынан темир жол арқалы халықаралық жүклерди тасыў аралығы 240 километрге қысқарады.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Әмиўдәрья районы.  

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: жаңа қоспа көпирдиң қурылысы жумыслары барысынан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF