Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:52:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚҚА ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎДИҢ ТҮРЛЕРИ КӨБЕЙИП, САПАСЫ ЖАҚСЫЛАНАДЫ

Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы белгиленетуғын быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни мүнәсибети менен Шоманай районы ора­йында «Мәмлекетлик хызметлер орайы»ның жаңа имараты пайдаланыўға берилди.

Усылайынша заманға сай ески уғым ҳәм усыллардан ўаз кешилип, пуқаралардың қымбатлы ўақытларын босқа өткермей, қосымша қәрежетлер сарпланыўының алды алынатуғын болды. Социаллық тараўлар бо­йынша хызмет түрлери бийпул көрсетиледи. Исбилерменликти баслаўда дәслепки көнликпелер пайда етиў, берилген имканият ҳәм жеңилликлерден утымлы пайдаланыў, юридикалық ҳәм физикалық шахслар түсиниклеринен келип шығып, ҳуқықый саўатлылығын жетилистириўде бул орайдың атқаратуғын хызмети үлкен.

Қурылыс-сметалық нырқы 2 млрд. 400 млн. сумлық қурылыс жумысларын «Қалбақ қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети белгиленген мүддетте сапалы питкерип береди. Жақынға шекем бул орайда 16 хызмет түрлери көрсетилген болса, бүгинги күнге 140тан асып, соңғы үш ай ишинде район турғынларынан 10 мыңнан аслам мүрәжатлар келип түсип, керекли мағлыўматнамаларын өз ўақтында алған. Халықтың мүрәжатлары қолтаңбалары менен тасты­йықланған электрон тәризде қабылланып, үш күн ишинде керекли мағлыўматларын алыў мүмкиншилигине ийе болады. Егер, пуқара жумыс бабында районнан тысқарыда, Нөкис яки Ташкент қалаларында жүрсе де, керекли ҳүжжетлерин сол жердеги электрон базалары бир болған мәмлекетлик хызметлер орайларына хабарласа алыў мүмкиншилигине ийе болады. Сондай-ақ, пуқаралар онлайн тәризде хабарласса орайға келип төлейтуғын төлемлерине шегирмелер бериледи.

Мәмлекетлик хызметлер орайының ески имаратынан тек ис қағазларын алып, кең, жақтылы, қатты ҳәм жумсақ мебельлерге ийе, ең заманагөй интернет тармақларына жалғанған хабар технологиялары қураллары менен үскенеленген таза имаратқа көшип өткен мийнет жәмәәти хызмет түрлериниң көбейип, сапасы жақсыланыўына умтылмақта.

Районның көркине көрк қосатуғын, еки қабатлы бул жаңа имараттың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, район ҳәкими Б.Янгибаев, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги директоры Қ.Артықов, нураный Б.Исмайыловлар мәресим қатнасыўшыларын қутлықлап шығып сөйледи. Қурылысшылардың дәстүрий «алтын гилти» тапсырылып, имарат босағасына керип тартылған лента кесилгеннен соң көпшилик орайдың жумыслары менен жақыннан таныс­ты.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

СҮЎРЕТТЕ: ашылыў мәресиминен көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF