ЖАҢА ВАКЦИНА ӘМЕЛИЯТТА
Мәлим болғанындай, республикамыз бойлап 1-апрельден баслап коронавирусқа қарсы жаңа вакцина емлеў календарына киргизилип, емлеў процесслери басланды.
Бүгинги күнге шекем коронавирус инфекциясына қарсы бул жаңа вакцина менен қанша пуқара емленди, вакцинаның саламатлығымызға тәсири, қәўипсизлиги ҳәм республикамызда коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў илажлары ҳаққындағы сораўларымызға жуўап алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының иммунопрофилактика бөлими меңгериўшиси Әдил ДОСЫМБЕТОВтан төмендегише мағлыўмат алдық:
- Жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиўде ҳәм оның алдын алыўда ең исенимли жол бул қәўипсиз шаншыў есапланады. COVID - 19 инфекциясының халық арасында кең тарқалыўының алдын алыў, республикада коронавирус инфекциясына қарсы миллий шаншыў күнлерин сапалы өткериў Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң 2021-жыл 15-февраль күнги 31-санлы буйрығы тийкарында алып барылмақта.
Республикамызға алып келиниўи күтилип атырған коронавирус вакцинасын қабыл етиў ушын журтымызда бар болған суўытыўшы үскенелер тексериўлерден өткерилип, жарамсызлары оңланды. 151 шаншыў ханасы ҳәм 18 вакцина сақлаў склад бар болып, булар 45 дана күшли суўытқыш, 270 дана суўытқыш, 3 дана суўытыўшы камералар менен тәмийинленди. Буннан басқа ҳәзирги күнде ЮНИСЕФ балалар шөлкеми тәрепинен берилген 127 жаңа суўытқышлар шаншыў ханаларына берилди. Вакцинаны тасыў ушын 846 термосумка ҳәм 222 термоконтейнер бар. Бул вакциналарды сақлаў ушын жетерли.
Бүгинги күнде вакцинаны аймақларға жеткерип бериў мақсетинде ЮНИСЕФ балалар шөлкеми тәрепинен берилген 1 суўытқышлы (афторефрижератор) ҳәм 17 вакцина тасыўшы арнаўлы машина бар. Бул автомашиналардың жәрдеминде вакциналарды тасыўда суўықлық шынжыры қағыйдаларының сақланыўы беккемленеди.
Аймағымызда коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2015-жыл 6-апрельдеги 0239-07/3-санлы санитария қағыйдалары ҳәм нормалары талаплары тийкарында өткериледи. Бул талапты орынлаў мақсетинде бүгинги күнде 238 шаншыў бригадаларының қурамындағы 981 медицина қәнигеси (259 шыпакер, 486 вакцинатор ҳәм дублерлары) қайта таярлықтан өткерип, оқытылды.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2021-жыл 17-февральдағы 48-санлы буйрығы менен шаншыўды өткериў тәртиби тастыйықланды. Оған муўапық:
- 65 жастан жоқары адамлар;
- медицина қәнигелери;
- созылмалы кеселлиги бар болған қәўипли топарға кириўшилер;
- ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери;
- журналист ҳәм блогерлер;
- транспорт қәнигелери;
- мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери;
- сырт еллерде билим алыўшы студентлер;
- мийнет мигрантлары.
Республикамыз аймағында атап өтилген тәртип тийкарында 283285 пуқараның, соннан: 65 жастан жоқары-77821, созылмалы кеселлиги бар болған қәўипли топарға кириўшилерден-110689, медицина хызметкерлеринен-23286, билимлендириў тараўы хызметкерлеринен-63407 пуқараны шаншыў илажларына қатнасыўы режелестирилмекте.
1-апрельден баслап Нөкис қаласы аймағында, ал 5-апрельден баслап Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң арнаўлы көрсетпе хатына тийкарланып, Нөкис қаласына жақын болған Тақыятас, Хожели ҳәм Нөкис районлары аймағында коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў жумыслары өткерилмекте.
Коронавирус кеселлигине қарсы шаншыў ықтыярлы түрде өткериледи.
Республикамыз аймағында коронавирус инфекциясына қарсы профилактикалық шаншыў мақсетинде 32000 доза Astra Zeneka ҳәм 33200 доза ZF-UZ-VAC2001 вакцинасы алып келинди. Белгиленген шаншыў нәўбети бойынша 1-апрельден баслап 6-апрель күнине шекем 65 жастан жоқары болған 837 ҳәм 928 медицина хызметкери, жәми 1765 пуқара профилактикалық шаншылды. Бүгинги күнге шекем профилактикалық шаншылғанлар арасында вакцинаның кери тәсирлери сезилип, унамсыз жағдайлар анықланбады.
Мағлыўмат ушын айтып өтсем, вакцина алыўды қәлеўши ҳәр бир пуқара шыпакер тексериўинен өткериледи. Соң, пуқараның паспорт мағлыўматлары ҳәм телефон номери дизимге алынады.
Вакцина таңлаў ямаса алмаў, қулласы, алыў ықтыярлы болғаны ушын халыққа шаншыў түрлери бойынша қысқаша мағлыўмат бериледи. Вакцина бойынша арнаўлы қолланбалар да бар.
Республикамыз аймағындағы пуқараларды (65 жастан жоқары жастағы ҳәм медицина хызметкерлерин) аймақлық емлеў профилактика мәкемелерине барып, коронавирус инфекциясына қарсы вакцинаны бийпул шаныштырыўға шақырып қаламан.
Жазып алған:
Г.ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.