ХАЛҚЫНА ҚӘДИРЛИ УЛЛЫ ТУЛҒА
Жүреги елим, журтым, деп соққан, республика халқының жарқын келешеги жолында жуўырып-жортқан азамат быйыл 95 жасын толтырып атырған әдиўли инсан Қаллибек Камалов.
Бул орында оның атқарған ийгиликли ислери менен азаматлық хызметлерин мақтап ҳәм таллап отырыў нийетинде емеспиз. Бирақ, бул қарапайым инсанның ел-журты ушын ислеген, әсиресе, республика халқының саламатлығын сақлаў жолындағы әҳмийетли мәселелерге болған қатнасы, адамгершилик пазыйлетлериниң базыбир қырларына тоқтап өтпекшимиз.
Мениң 1973-1981-жыллары Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық станциясының Бас шыпакери ҳәм 1981-1984-жыллар аралығында Республикалық Санитариялық-эпидемиологиялық станциясы (РесСЭС) санитария-гигиена бөлиминиң меңгериўшиси лаўазымында ислеген дәўирде республика басшысы болып турған Қәллибек Камаловтың кең көлемли мәмлекетлик жумыслар менен қатар, халық саламатлығы ҳәм елатлы пунктлердиң азадалығы, базарларда сатылатуғын азық-аўқатлық өнимлердиң қәўипсизлигине дыққат пенен кеўил аўдарып, қадағалаўына алып отырғанлығы жөниндеги ядымда қалғанлары ҳаққында пикирлеримди билдирмекшимен.
1976-жылдың гүз айлары еди. Әсиресе, «сары аўырыў»дың (вируслы гепатит) көбейген пайыты. Ол ўақытлары Нөкис қаласындағы Жуқпалы кеселликлер емлеўханасы тек 100 орынға арналған. Тилекке қарсы, «сары аўырыў»ға шатылғанлар кескин көбейди. Жүзлеген наўқаслар үй шараятында емлениўде еди.
Не ислеримди билмей, албырадым. Мәмлекетлик қәўипсизлик комитетине барлық жағдайды толық баянладым. Ол: «Тез Қәллибек Камаловичтиң атына мәлимлеме таярлаңыз. Республикалық ЧПК өткизиўимиз зәрүр. Соған дәстиярлы таярлық көриңиз, мына схемалық картаны ЧПКға алып барыңыз», - деди.
Келеси күни Республикалық ЧПК болды. Әйне усы мәселе бойынша Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Сония Алямова баянат иследи. Ол кеселликтиң келип шығыўы менен тарқалыўына себепши, қалалық СЭС пенен қалалық денсаўлықты сақлаў бөлими басшыларының жумысты дурыс шөлкемлестире алмағанлығын айрықша атап өтти. Сол пайытта В.Сизиков орнынан ушып турып:
«Сония Қуддусовна, ўәлаятлық ЧПК ағзаларын алдап турсыз», - деди де Қәллибек Камаловичке бурылып, усы мәселе бойынша «Қалалық СЭСтиң бас шыпакери Сәбет Дәрибаевтың баянатын тыңлайық», - деп усыныс жасады.
Қ.Камалов: «Қалалық СЭС баслығы минберге келиңиз, мәселени толық баянлаңыз. Сизиң кешеги бизге жазған мәлимлемеңиз бенен толық таныстым. Мен орын алған жағдайдан әдеўир хабардарман. Усы күнге шекем Денсаўлықты сақлаў министрлиги бизге бул бойынша мәлимлеме бермеген еди. Енди Сиз, «сары аўырыў» кеселлигиниң асқыныў себеплерин кең түрде түсиндириңиз», - деди.
Қ.Камалов — оғада сыпайы, мәдениятлы, ийманжүзли инсан екенлиги көринип туратуғын, ол кисиниң қаншама кең көлемли мәмлекетлик жумысларды қадағалап ҳәм атқарып отырса да, кишкене бир мәкеме басшысының билдирген өтинишине ўақыт таўып, сол мәселени кешиктирмей шешиўге ҳәрекет ислегенине, халық саламатлығын сақлаўға болған мәселеге және де өз ўазыйпасына ҳасла бийпәрўа қарамайтуғынлығына ырза болдым.
Солай етип, шешим қабыл етилди:
- РесСЭС баслығы менен Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасарына РесЧПК атына жалған мәлимлеме бергенлиги ушын партиялық сөгис жәриялансын;
- ДОСААФ имараты босатылып, ўақтынша провизорлық госпиталь ашыўға берилсин;
- Такси паркинен 120 такси наўқасларды тасыў ушын СЭСке берилсин;
- Қалалық саўда бөлиминиң баслығы, қалалық денсаўлықты сақлаў бөлимине барлық зәрүрли әсбап-әнжамларды бүгиннен баслап жиберсин;
- Госпитальды ашыў ҳәм үйде қалған наўқасларды толық госпитальға орналастырыў жумыслары бүгин саат 2300 ге шекем жуўмақлансын;
- Шөлкемлестириў жумыслары қалалық партия комитетиниң үшинши хаткери Б.Кетебаева менен қалалық атқарыў комитети баслығының орынбасары К.Әўелбаеваға тапсырылсын.
Усындай шешимниң жедел түрде қабыл етилиўи, Республика басшысының халықтың денсаўлығына болған итибары менен жоқары адамгершилиги деп билемен.
Жаздың басланған пайыты, шыбын-ширкейдиң тез көбейип кететуғын ўақты. Қарашыбын көбейип кетти ғой, - деп Қ.Камаловтың өзи шақырды. Ол ҳәўли ишинде еки тәрепке өсирген пахталарды аралап жүр екен. Ҳәр қыйтаққа жеке-жеке агротехникалық күтимди өзи әмелге асырып атырғанлығын көрсетип берди. Биринши қыйтақтағы пахта, екинши қыйтақтағы пахтадан 5-8 см бийик өскен. Ол: — Көрдиңиз бе, бул атызда пахтаның ҳәр бир түби шүлликленген, босатылған, ал мына атызға ол жумыслар исленбеген. Соның ушын шүлликленген атызда пахта өними жоқары болады, - деди. Мен де республика басшысының сөзлерин мақулладым.
— Усы тәжирийбе арқалы пахта өнимдарлығын арттырыў мәселесин күни-түни ойлайман. Сонда республикамыздың экономикасы да жоқары болады.
Мине, бул оның ийгиликли нийетли ойы менен арзыўы екенлигин түсинип, ақсақалдың жансебил ҳәрекетлерине сүйсиндим. Бундай басшы — елден ерек, жекке-сийрек!
Ҳақыйқатында бул ушырасыў мениң ушын оғада бир қолайлы пайыт болды. Республиканың биринши басшысы менен бундай жүзбе-жүз ушырасыў сәти түсе бермейди.
Усы мәўриттен пайдаланып #әллибек Камаловичке жағдайды түсиндирип, қала сыртындағы 12 жазғы пионер лагерине 4400 оқыўшы келетуғынлығын, қала көшелеринде ҳәм аймақта демалыс орынлары менен балалар лагерлери орналасқан мәнзиллерде «Ашшыкөл» ҳәм «Саратаў» («Грачевая рощще») әтирапларында толық профилактикалық дезинфекция жумысларының жүргизилиўине жақыннан жәрдем бериўин өтиниш еттим.
Қ.Камалов: «Сизиң бул усынысыңыз ҳаққында қалалық партия комитетиниң биринши хаткери Рейипназар Бабаназаровқа тапсырма беремен» - деп маған руқсат берди. Арадан ярым саатлар өткенде хызмет телефоны арқалы: «Мен Рейипназар Бабаназаровпан... Жолдас Дәрибаев, тағы қандай идея ойлап таптыңыз?» деди.
Бул баслаған ислеримиз сәтине түсти ҳәм қала тарийхында туңғыш мәрте кең көлемли жумыс болды. Қала зыянлы шығындылардан әдеўир тазартылып, барлық тасланды топлаў орынлары менен қораларда, ҳәжетханаларда ҳәм тағы басқа белгили орынларда толық дезинфекциялаў ислери жүргизилди. Усы жумыслардың жобаластырылған ўақты алдын телевидение ҳәм барлық ғалаба хабар қураллары арқалы хабарланды. Усындай усынысларды Қәллибек ағадай ақыл-парасаты мол, зейни илгир басшылар дурыс аңлап, түсине билиўиниң өзи — үлкен бир ибратлы ис болды.
1983-жылы рейдлер шөлкемлестирип, Нөкис қаласы орайлық базарында белгиленген реже қағыйдаларының бузылыўы, базардағы Аўыл хожалық министрлигине қараслы санитариялық-ветеринариялық экспертиза лабораториясының талапқа сай жумыс алып бармай атырғанлығы ҳаққындағы республикалық «Советская Каракалпакия» (ҳәзирги «Вести Каракалпакстана») газетасында мақала жәрияладым. Мақала республика басшысының дыққатын тартып, оны оқығаннан кейин газетаға Денсаўлықты сақлаў министрлигине: «Коллегияда газетадағы мақаланы қарап шығып, базарлардағы усындай қәте-кемшиликлерди сапластырыў бағдарындағы жумысларды орынларда шөлкемлестириў зәрүр» деп анық тапсырма берген. Заманның кери айланғанын қараң, ҳәзир көпшилик басшылар газетаны оқымақ түўе, оны ашып та көрмейди, қолына да алмайды.
Арадан он күн өткеннен кейин усы мәселеде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң коллегиясында мениң жеке исим қаралатуғын болды. Бул коллегияның ис жобасында тастыйықланған. Коллегияның басланыўына бир саат ўақыт қалғанда газета редакторына барып, барлық жағдайды баянладым. Сол заматы ол Қ.Камаловқа қоңыраў етип, жағдайды түсиндирди. Қ.Камалов: «Бул не деген бассызлық? Мен газетадағы мақаланы коллегияда додалап, буннан былай усындай кемшиликлердиң болмаўы ушын тапсырма берген едим. С.Дәрибаевқа айтыңыз, ҳәзир ўәлаятлық комитеттиң бөлим баслығы, жолдас Клара Утамбетоваға барсын. Денсаўлықты сақлаў министрине тапсырма бериледи», - деди.
Бир айдың ишинде қалалық, районлық базарлар санитариялық талапқа сай тәртипке келтирилди. Ғалаба хабар қуралларының ҳәр бир исте де абзаллығын сонда түсиндим. Себеби, дурыс қойылған мәселе, жақсы таярланған материал абырайсызлыққа алып бармайды, керисинше, оның авторының абырайын көтереди, ҳәтте оны қорғайды да! Ең итибарлысы, сол пайытлары мен ел-журт дәртин уғатуғын, халық саламатлығын ойлайтуғын ақыл-парасатлы, көргени көп ақсақал — Қәллибек ағадай басшының республика басында турғаны бизиң бахтымыз екенлигин уғындым. Газетаны бақлап барыў, ондағы мәселелерге итибар бериўдиң өзи — басшының жуўапкершилигин белгилейди. Газета — халықтың көзи, басшының қолындағы қуралы, айнасы. Әттең, көпшилик басшылар усыны аңламайды, ҳәттеки, газета оқыўды да өзлерине артықша жумыс санайды.
Әлбетте, Қәллибек ағаның республика халқы ушын ислеген пидайы хызметлери ел ардағында. Алтындай нур таратқан уллылығы менен ҳақыйқый үлги боларлық үлкен тулға екенлиги ҳақыйқатлық.
Сәбет Бектурған улы ДӘРИБАЕВ,
Денсаўлықты сақлаў ағласы.
Қазақстан Республикасы.