Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:34:36, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ ЖАРАТЫЎШЫЛЫҚ ИСЛЕРИ, ХАЛЫҚТЫҢ АБАДАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎДА БАҒДАРЛАМА БОЛМАҚТА

Усы күнлерде халқымыз әййемги ҳәм нәўқыран байрамымыз Наўрыз алып келген жаңа күнниң жаңа мақсетлери, елимиздиң айдын ҳәм бахытлы келешегине үлкен исеним менен жасамақта.

Әсиресе, елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы нышанланатуғын тарийхый ҳәм уллы жылда биринши мәрте белгиленген «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» байрамы сәнесинде мәмлекетимиз басшысының тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўы ҳәр биримиздиң қәлбимизде туўылып өскен ата-мәканға муҳаббат, бир-биримизге ҳүрмет-иззет, халқымыз қәдириятларына садықлық сезимин және де беккемледи.

Елимиз басшысы өз қутлықлаўында «Мәҳәлле ­ әсирлер аса миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлап, халқымыз ушын жақсылық ҳәм тәрбия бесиги, жақсы қоңсышылық ҳәм аўызбиршилик мәканы болып келмекте.

Биз мәҳәлле дегенде, дүньяда сийрек ушырасатуғын, инсанды жәмийет пенен үнлес болып жасаўға үйретип, кеңпейиллик руўхында тәрбиялайтуғын, халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли көпир ўазыйпасын атқаратуғын бийбаҳа структураны түсинемиз» деп айрықша атап өтти.

Жоқарыдағы пикирлерди келтириўден мақсетим ­ усы күнлерде ҳәммемиздиң жумысымыз мәҳәллелерге көшип, жумыс усылымыз жаңаланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен көрсетип өтиўден ибарат.

Себеби, бүгинги күнде барлық аймақларда, қала ҳәм районларда жумыслар «Мәҳәлле кесими» системасында шөлкемлестирилген болып, секторлар ҳәм басқа жуўапкер шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынларында халықтын машқалаларын үйме-үй жүрип үйренип, жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, бул арқалы кәмбағаллықты қысқартыў илажлары көрилмекте.

Жақында, мен өзим депутат болып сайланған Нөкис қаласындағы «Жийдели Байсын» сайлаў округинде пуқаралар менен ушырасқанымда ҳәр бир сайлаўшының турмысқа көзқарасы, сана-сезими, елимизде болып атырған жаңаланыў­ларға тийислилигиниң әдеўир артқанының гүўасы болдым.

Әсиресе, олар мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир депутат өз аймағындағы халықтың машқаласын шешиўде жанкүйерлик көрсетиўи, халықтың дәртин тыңлаўы зәрүрлиги, сонда өз сайлаўшыларына берген ўәдесиниң үстинен шығыўы, халықтың исенимине ерисиўи бойынша белгилеп берген көлемли ўазыйпалары бүгинги күн ушын қаншелли зәрүрлигин қайта-қайта атап өтти.

Сондай-ақ, Президентимиздиң басламасы менен кең енгизилген «Мәҳәлле кесиминде» ислеў системасының шөлкемлестирилип атырғанлығы әйне дәўир талабы екенлиги ҳәр бир пуқараның жасаў шараятларының жақсыланыўы, машқалалардың тез шешилиўинде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ҳәр бир пуқара исеним менен атап өтпекте.

Халық пенен ушырасып, олардың бүгинги турмыс тәризи, қыйыншылықлары, машқалалары ҳаққындағы пикирлерин тыңлар екенбиз, олардың машқалалары әтирапында пикир жүргизип, олар республикада жүргизилип атырған үлкен жаңа дөретиўшилик жумысларынан бийхабар қалып атырғаны сезилди.

Мен депутат болып сайланған округ аймағында 2 МПЖ жайласқан. 13 мың халық жасайды. Соннан 1120 пенсионер, 90 бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар, 65 кем тәмийинленген шаңарақлар, 140 материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар жасайды. «Темир дәптер»ге 960 пуқара, «Ҳаяллар дәптери»не 110 ҳаял-қыз киргизилген. Жумыссызлар саны 550 ди қурайды.

Сайлаўшыларым мәҳәлле пуқаралар жыйынларында шараят дәўир талабында емеслигин, компьютер ҳәм мәлимлеме технологиялары менен тәмийинленбеген, олардың өз кеңселери жоқлығын, аймақтағы 2 мектепте жайласқанлығын, бул пуқаралардың өз-ара жыйналып, кеңеслер өткерип турыўында қолайсызлықлар туўдырып атырғанын айтты.

МПЖ аймағындағы инфраструктура заман талаплары дәрежесинде емес,  аймақта 10 км. ден аслам жоллар оңлаўды талап етеди, электр тәмийнаты системасында да нуқсанлар бар. Ишимлик суўы системасында 3,5 км. суў қубырлары ҳәм тармақлары оңлаўға мүтәж. Канализация тармағының улыўма жоқлығы ҳаққындағы машқалаларды ортаға таслады.

Дурыс, бундай машқалалар турмысымызда еле көплеп ушырасып турады. Бул, аймақта машқалалар өз шешимин таппай атыр дегени емес. Турмыс жаңаланып атыр. Мәмлекетимизде басқышпа-басқыш алып барылып атырған реформалар өз нәтийжесин ҳәр қәдемде көрсетип тур.

Мен тилге алып атырған «Жийдели Байсын» пуқаралар жыйыны аймағында  2021-жылда инвестиция бағдарламасы тийкарында 4 км. узынлықта жаңа ишимлик суўы тармағын қурыў, 2 көшениң электр тармағында трансформаторларды жаңалаў режелестирилип, жумыслар баслап жиберилген.

Сондай-ақ,  «Қыят қала», «Қыят қала өткели» ҳәм «Геологлар» көшесинде 450 метр жерге тас төселди, «Жийдели Байсын» гүзарында 2 автомобиль жуўыў шақапшасы, «Нәўпир жағыс» көшесинде дәрихана ашылды, «Бахыт» көшесинде халыққа хызмет көрсетиў ҳәм саўда орайы, «Дүлдил атлаған» көшесинде нанбайхана қурылды.

«Әмиўдәрья» пуқаралар жыйыны аймағында 24-санлы мектеп ҳәм 39-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси толық оңлаўдан шығарылды, 7 көше тегисленип, ракушка төселди, 3 көшениң суў тармағы, 2 трансформатор пунк­ти оңланып, 6 көшениң газ трубалары алмастырылды.

Булар бир мәҳәлледе алып барылып атырған жумыслар. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында Президентимиздиң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли со­циаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарында белгиленген ис-илажлар тийкарында республикада кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳаққында сайлаўшыларға толық мағлыўматлар келтирип өткенимизде, олар өзлери көтерип шығып атырған машқалалардың да әлбетте шешилиўине исенимлери артты.

Яғный, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына киргизилген жәми 1359 инвестиция жойбарынан 734 и иске түсирилип, 4535 жаңа жумыс орны жаратылады.

Сондай-ақ, 2021-жылдың 8 шерегинде 45 жойбар, жылдың ақырына шекем 711 жойбар иске түсирилип, 22 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген.

Социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси төмен болған Бозатаў, Тахтакөпир ҳәм Шоманай ра­йонларында 105 жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 750 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Қарақалпақстан Республикасында шараяты аўыр категориядағы 45 мәҳәлледе 302 шаңарақ «Темир дәп­тер»ге, 3261 ҳаял-қыз «Ҳаяллар дәптери»не, 3 мың 464 жас «Жаслар дәптери»не  киргизилген. Бул мәҳәллелер ушын дерлик 3 трлн. сум қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде 437 объектте жумыс алып барылмақта. Ҳаял-қызлардың 296 сына әмелий жәрдем көрсетилди, 198 иниң бәнтлиги тәмийинленди, 50и кәсип-өнерге оқытылды ҳәм 69 ына исбилерменлик ушын кредит ажыратылды.

Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң басламасы менен Тахта­көпир районындағы шараяты аўыр категорияға киргизилген «Қоңыратаўыл» аймағында баҳасы 1 млрд. 200 млн. сумлық, саатына 5 куб метр суўды тазалайтуғын ҳәм душшыландыратуғын суў сооружениеси орнатылды.

Бул унамлы өзгерислер, әлбетте. Елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, турақ жай тәмийнатын жақсылаў, суў, газ тармақларын кеңейтиў ҳәр бир көше, шаңарақлардың абат ҳәм еркин пәраўан турмыс кешириўине сөзсиз тийкар жаратады.

Халқымыз мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанның келешеги, оның раўажланыўына үлкен итибары, қарақалпақ халқына меҳири ҳәм ғамқорлығын ҳәмийше сезип, исенип жасамақта, оған исенбекте.   

Президентимиздиң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында Қарақалпақстанда алып барылып атырған жаратыўшылық ислери, халықтың абаданлығын арттырыў шеңбериндеги барлық ислеримизде бағдарлама болып хызмет етпекте.

Қарақалпақстан ушын Президентимиз қол қойған жоқарыда көрсетип өтилган қарардың орынланыўы ушын ҳәммемиз жуўапкермиз.

Мен депутат ҳәм Сенатор сыпатында өткен дәўир даўамында 11 мәрте сайлаўшылар менен ушырасыўлар, шаңарақларда, жаслар арасында сәўбетлер қурып, ортаға тасланған 43 жазба ҳәм аўызеки мүрәжатлардағы машқалаларды үйренип, оларды шешиў бойынша тийисли шөлкемлер менен биргеликте жумыслар алып барылмақта.

Қарарда белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаўда бәршемиз аўызбиршилик пенен қатнассақ, раўажланыўдың жаңа шеклерине ерисиў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў жолындағы жумысларымыз және де нәтийжели болыўына исенимимиз кәмил.

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы. 

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF