БЕЛГИЛИ БАҚСЫ ЕСКЕ АЛЫНДЫ
Усы жыл 31-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында ҳажы, Қалбай бақсы Қалжановтың 75 жыллығына арналған еслеў кешеси өткерилди.
Оған республикамызға белгили көркем өнер ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери, бақсының заманласлары менен кәсиплеслери, шәкиртлери, шаңарақ ағзалары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Еслеў кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, ветеран кәсиплеслери У.Пиржанов, Д.Сейтимов, «Өзбекстан халық бақсысы» Ғ.Өтемуратов, «Қарақалпақстан халық жыраўы» Б.Сырымбетовлар шығып сөйлеп, Қалбай Қалжановтың өмири ҳам дөретиўшилик хызметлери, адамгершиликли пазыйлетлерин еске алды.
Кеше қантасыўшыларына Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли, белгили бақсылар ҳәм Қалбай Қалжановтың шәкиртлери менен жас талант ийелериниң қатнасыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилип, талантлы бақсы-жыраўларға, бақсының заманласларына перзентлери тәрепинен таярланған естелик саўғалары тапсырылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги