ҚАРАӨЗЕКТЕ «ЖАСЛАР ФОРУМЫ» БОЛЫП ӨТТИ
Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен республикамыздың қала ҳәм районларында «Жаслар форумы» өткерилмекте.
Усы жылдың 1-март сәнесинде Елликқала районында басланған илаж өткен күни Қараөзек районында болып өтти.
Жасларға көтериңкилик бағышлаған форум «Саламатлық ушын 5000 қәдем» марафоны менен басланды. Районлық басланғыш шөлкемлери жетекшилери, сәрдарлар ҳәм жәмлеспеген жәми 280 жасты бир мақсет бирлестирди.
Илаж шеңберинде ҳаял-қызлардың исбилерменликке болған қызығыўшылықларын арттырыў мақсетинде районның сәрдарлары ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшылары қатнасында Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен гөззаллық ҳәм тигиўшилик курсларына, сондай-ақ, Агроэкономика техникумының ветеринария топары оқыўшылары ушын А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Panaev farms» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине саяхат шөлкемлестирилди. Бул жасларда айрықша қызығыўшылық оятты. Атап айтқанда, илаж қатнасыўшыларынан бири Азамат Орынбаев шарўашылыққа болған қызығыўшылығы нәтийжесинде келешекте өзи жасап атырған аўылынан шарўашылық компексин ашыў нийети бар екенлигин билдирди.
Райондағы «Қарақум Абдулла» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы спорт майданшасында 2003-2004-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында мини футбол жарысы болып өтти. Жәми 18 команда қатнасқан жарыста 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары биринши, 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары екинши, кәсип-өнер мектеби оқыўшылары үшинши орынды ийеледи.
«Жаслар дәптери»не киргизилген 3 жастың өзин-өзи бәнт етиўи мақсетинде район ҳәкими тәрепинен мотоцикль, сондай-ақ, бир жасқа темир буйымларын оңлаў ушын токарьлық үскенеси тапсырылды.
Форум шеңберинде сондай-ақ, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» жарысы да өткерилди. Онда 6 команда қатнасты. Қызықлы өткен жарыс жуўмағында 28-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары биринши, 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары екинши, кәсип-өнер мектебиниң оқыўшылары үшинши орынларды жеңип алыўға миясар болды.
Райондағы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жумыссыз 6 жасқа 6 гектар жер майданы ажыратылып берилди. Бул дийқан фермерлерден тәжирийбе үйренип, субсиядиялардан нәтийжели пайдаланған ҳалда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў имканиятын береди. Усы жерде атап өтиў орынлы, быйылғы жылдың басынан бери районда 735 жасқа 738,1 гектар жер майданы ажыратып берилди.
Илаж жуўмағында белсене қатнасқан жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети