ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЛАРЫНЫҢ БЕЛСЕНДИЛЕРИ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәҳәлле-жәмийетимиздиң жарқын жүзи ҳәм ҳүждан айнасы» идеясы тийкарында елимиз бойлап өткерилген «Мәҳәллелерде миллий қәдириятларды беккемлеў» ҳәптелигиниң жуўмағына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәҳәлле системасы хызметкерлери ҳәм белсендилери, ветеранлар, бирге ислесиўши шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, пуқаралардың мүрәжатлары менен нәтийжели ислесиў, оларды турмысынан разы етиў, орынларда ушырасып атырған машқалаларды унамлы шешиў, халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бунда, әлбетте мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип бармақта. Әсиресе, мәҳәлле институтының орнын беккемлеў мақсетинде «Абат мәҳәлле-қәўипсиз мәҳәлле» принципиниң енгизилиўи –бул бағдардағы ҳәрекетлерге жаңаша мазмун бермекте.
Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий раўажланыўында мәҳәлле институтының ролин арттырыў, тараўдағы жумысларды «мәҳәлле кесими» тийкарында шөлкемлестириў бойынша бир қатар илажлар алып барылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде усы институтты жәмийеттиң миллий басқарыў шөлкемине айландырыў бойынша айтарлықтай жумыслар алып барылды. Бул өз гезегинде пуқаралар жыйынларын шын мәнисинде адамлардың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыўда әҳмийетли орын ийелемекте.
Соны айрықша атап өтиў керек, өткен жылдың 2-март күни Президентимиз тәрепинен «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи ҳәм 22-март-Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни деп белгилениўи тараў хызметкерлерине болған жоқары исенимниң әмелдеги көриниси болды.
Және бир әҳмийетли тәрепи, Президентимиз усы жылы байрам мүнәсибети менен Мәҳәлле системасы хызметкерлери ҳәм белсендилерине жоллаған байрам қутлықлаўында «Мәҳәлле абат болса – ел абат болады. Мәҳәлледе өзгерис болса – пүткил жәмийет өзгереди»,-деген терең мәнили пикирлерге тоқтап өтти ҳәм «Абат мәҳәлле», «Абат көше», «Абат үй» өлшемлерин турмысқа енгизиўде, реформаларды «мәҳәлле кесими» тийкарында әмелге асырыўда, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген ўатанласларымыздың машқалаларын «шаңарақ кесиминде» шешиўде тараў хызметкерлерине жоқары исеним билдирди.
Ҳақыйқатында да, усы жоқары итибар және ғамқорлық мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин арттырыў, пуқаралар жыйынларының жәмийетимиздиң жарқын жүзи ҳәм ҳүждан айнасына айланыўында айрықша әҳмийетке ийе болады. Себеби бүгинги күни халқымыз оларды өзлериниң жақын сүйениши деп биледи. Тараў хызметкерлериниң жәмийеттеги руўхый орталық турақлылығын беккемлеў, жасларды ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, халықты социаллық қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған пидәкерлик мийнетлери жоқары қәдирленеди.
Илажда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының орны ҳәм ролин арттырыў, миллетлераралық дослық ҳәм бирликти беккемлеў, халықты социаллық қорғаў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар пидайыларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ардақлы нураний»,«Ўатан пидайысы», сондай-ақ, «Мәҳәлле ифтихори» көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар, бир қатар таңлаў жеңимпазларына, бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллерине естелик саўғалары тапсырылды.
Сыйлықланғанлардың атынан Шымбай районынан мийнет ветераны, «Ардақлы нураний» көкирек белгиси ийеси Райгүл Жумамуратова, Елликқала районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары, «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси ийеси Исмайыл Хожаниязов шығып сөйлеп, көрсетип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.
Илаж қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети