«АРАЛ САМАЛЫ»НЫҢ ИСЕНИМЛИ ЖЕҢИСИ
Өтип баратырған ҳәптеде про-лига командалары арасында Өзбекстанның XXX чемпионатына старт берилди. Дәслепки турда Нөкистиң «Арал самалы» командасы өз майданында Қашқадәрья ўәлаятының «Шортан» жәмәәтин қабыл етти.
2020-жылдың 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен республикамызда миллионлар ойыны болған футболды буннан былай да раўажландырыў, «Арал» командасының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылған ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Соны айрықша атап өтиў керек, өткен ўақыт даўамында бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Команданың аты «Арал самалы» деп өзгертилип, оның қурамына тәжирийбели ойыншылар мирәт етилди.
Сәршемби күни пайтахтымыздағы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол шеберлик мектебиниң стадионында чемпионаттың быйылғы мәўсиминиң ашылыў салтанаты болып өтти. Онда сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов жыйналғанларды чемпионаттың ашылыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳәр еки команда ағзаларына табыслар тиледи. Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, байрақлар көтерилди.
Ушырасыўға келсек, дәслепки тур болғанға ма, ҳәр еки команда ағзалары да ойынды жүдә сақлық пенен баслады. Бир пайытлары Өзбекстан суперлигасында ойнап, АФК турнирлеринде қатнасқан «Шортан» ойын дизгинин өз қолына алыўға урынды. Бирақ, қурамында Азамат Алланиязов, Наўрыз Алымов, Мийрас Қарлыбаев сыяқлы тәжирийбели футболшылар ойнаған «Арал самалы» да бос келмеўге ҳәрекет етти. Ушырасыўдың 36-минутында мийманлар өз жәрийма майданшасының ишинде нөкисли Әмир Абдразиевке қопаллыққа жол қойды ҳәм ойын төрешиси Аскер Нажафалиев «Шортан» дәрўазасына пенальти белгиледи. Топтың жанына келген А.Алланиязов оны қәтесиз әмелге асырды. 1:0. Командалар усы есапта тәнеписке кетти.
Екинши таймның басланыўы менен қашқадәрьялы футболшылар есапты теңлестириўге ҳәрекет етти ҳәм буған еристи де. 53-минутта «Шортан» ағзасы Элёр Аманжанов енди «Арал самалы» командасының дәрўазасына белгиленген пенальтиди анық орынлады. Бул да пенальтилердиң соңғысы емес еди. Жанкүйерлер 60-минутта және бир 11 метрли жәрийма тобын көриўге миясар болды. Мийманлар өз жәрийма майданшасының ишинде қолы менен ойнағаны ушын белгиленген бул пенальтиди және Азамат Алланиязов анық әмелге асырды ҳәм «дубль»ге еристи. Арадан 10 минут өтер-өтпес Наўрыз Алымов жәрийма майданының сыртынан «Шортан» дәрўазасын нышанға алды ҳәм ушырасыўдағы соңғы ноқатты қойды 3:1.
Солай етип, «Арал самалы» чемпионатты исенимли жеңис пенен баслады. Енди футболшыларымыз 29-март күни екинши турда Үргеништиң «Хорезм» жәмәәтин қабыл етеди.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТТЕ: «Арал самалы» командасының ағзалары.