ӘМИЎДӘРЬЯ: БӘҲӘРГИ ЕГИС МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҚ ҚАЙ ДӘРЕЖЕДЕ?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-декабрьдеги «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди буннан былай да жедел шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары жәрияланған еди.
Усы қарардың Әмиўдәрья районында қалай орынланып атырғаны туўралы жақыннан танысыў мақсетинде районда хызмет сапарында болып, районлық аўыл хожалығы бөлиминиң бас қәнигеси Юнусбек Атажановтан төмендеги мағлыўматларды алдық:
Быйылғы жылда райондағы жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин ақылға муўапық жайластырыў мақсетинде 2021-жылдың зүрәәти ушын райондағы жер майданларының 14430 гектарына пахта, 3800 гектарына ғәлле, 241 гектарына мәкке, 1450 гектарына салы (тийкарғы майданға), 300 гектарына мәш, 730 гектарына майлы егинлер, 735 гектарына мийўе, 460 гектарына палыз, 350 гектарына картошка, 2488 гектарына азықлық егинлер, 250 гектарына дәрилик егинлер ҳәм 432 гектарына басқа егинлер егиў режелестирилди. 2021-жылда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша районда жәми 2860 гектар майданда, соннан 1830 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, атап айтқанда, 1700 гектарда пахта, 50 гектар майданда бағ, 20 гектар майданда жүзим, 60 гектар майданда басқа егинлерди суўғарыў, 40 гектар майданда дискретли (пульсар) усылында суўғарыў, 30 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 960 гектар майданда ийилиўши трубалар жәрдеминде суўғарыў режелестирилди. Ҳәзирги ўақытта бул бойынша бөлип алып ислеўшилер менен фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар арасында шәртнамалар толық дүзилди. Жәми 91 фермер хожалықлары менен шәртнама дүзилген болып, соннан «Агробанк»тиң районлық филиалына 91 фермер хожалықлары ҳүжжетлерин тапсырды. 4 фермер хожалығының 2 млрд. 300 млн. сумлық кредит қаржылары фондтан ажыратылды.
Районда быйылғы жыл зүрәәти ушын 750 гектар майданға, соннан 50 гектарға соя, 160 гектарға айғабағар, 520 гектарға гүнжи егиў режелестирилди. Майлы егинлерден жәми 925 тонна өним алыў режелестирилген болып, атап айтқанда, соя өниминен 13 центнер есабынан 65 тонна, айғабағардан 18 центнер есабынан 288 тонна, гүнжиден 11 центнер есабынан 572 тонна өним алыўдың есап-китабы ислеп шығылды, - дейди районлық аўыл хожалығы бөлиминиң бас қәнигеси Ю.Атажанов.
Улыўма алғанда, районда аўыл хожалығы егинлерин ақылға муўапық жайластырыў, суў ресурсларын басқарыўда үнемлилик ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў, 2021-жыл зүрәәти ушын шор жуўыў, салмаларды тазалаў, мийўели бағлар ҳәм жүзимгершиликти жаратыў илажлары, ғәлле майданларына жергиликли төгин шығарыў, майлы егинлер егиўге таярлық көриў, жасларға жер майданларын ажыратыў, шарўашылық тармақларын раўажландырыўда жаңа жойбарларды иске түсириў ҳәм бәҳәрги егиске таярлық жумыслары талап дәрежесинде алып барылып атырғанының гүўасы болдық.
Сағынбай
ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Әмиўдәрья районы.