Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:56:41, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСАРЫЎ ҲӘМ ЖАҢАЛАНЫЎ ӘЙЙЯМЫНДАҒЫ БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ

Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамы сейиллери өткерилди.

Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Жаслар орайы алдындағы майданларда «Наўрызың —жаңа күниң, жаңа дәўраның мүбәрек, жанажан Өзбекстан!» сүрени астында улыўма халықлық театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашасы болып өтти.

Бул еки майдан ҳәр қашан­ғыдан да гөззал көриниске бөленген. Әтирапқа халқымызға әзелден мийрас болып киятыр­ған Наўрыз байрамына арнал­ған шақырық-сүренлер жайластырылған. Әжайып безелген қара үйлер тигилип, миллий буйымлар, саз-әсбаплар ҳәм миллий тағамлар көргизбеси шөлкем­лестирилген.

Көп жыллық тарийхқа ийе Наўрыз — шығыс халықларының жаңа жылы өзиниң жаңаланыў, бәҳәр нәпесин баслап келиўи, халқымыздың тәбияты, жүреклерине терең сиңип кеткени, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келиўи менен де әҳмийетли миллий байрам болып табылады. Миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген бул күн халқымызға тән кеңпейиллик, инсаныйлық, соның менен бирге, меҳир-мүриўбет әййямы есапланады. Бәҳәрдиң кирип келиўи менен атайы дийқанларымыз, фермерлеримиз үлкен нийетлер менен жерге туқым шашпақта.

Концерт бағдарламасы Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлими жәмәәтиниң атқарыўындағы «Хош келдиң, Наўрыз!» атамасындағы композиция менен басланды. Фольклор жәмәәтлериниң атқарыўындағы  миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар илажға және де заўық бағышлады.

Келешегимиз болған балалар топарлары ҳәм мәмлекетимизди дүньяға танытып атырған спортшылардың көргизбели шығыўлары қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Республикамызда түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршилик ҳәм дослықта жасап келмекте. Олардың өз ана тилинде билим алыўы, миллий үрп-әдетлери менен салт-дәстүрлерин раўажландырыўы ушын барлық шараят жаратылған. Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы 30-июль- елимизде «Халықлар дослығы күни» сыпатында белгиленетуғын болды. Түрли миллет ўәкиллериниң атқарыўында қосық ҳәм аяқ ойынларды халқымыз узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен тамаша етти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Ҳүрлиман», Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Тумарис», Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының ҳәм басқа да оқыў орынлары жәмәәтлери тәрепинен елимизде жасларға жаратылған шараятлар, Мойнақ ра­йонында әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли жумысларды сәўлелендирген қосықлар атқарылды.

Республикамызға белгили көркем өнер шеберлери менен жас атқарыўшылардың байрамға бағышланған концерт бағдарламасы сейил қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

Нөкис қаласында өткерилген Наўрыз сейиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер республикамыздың барлық районларында болып өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF