ЕЛ АРДАҚЛАҒАН ШАЙЫР ЕСКЕ АЛЫНДЫ
Жақында И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде өзбек әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан атақлы шайыр, белгили жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик гимниниң авторы, Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Ариповтың туўылғанына 80 жыл толыў мүнәсибети менен «Ел ардақлаған шайыр» атамасында әдебий кеше өткерилди.
Илажда шығып сөйлегенлер, шайырдың тәкирарланбас дөретиўшилик мийрасы, оның Ўатанға муҳаббат, опадарлық ҳәм садықлық сезимин, жоқары адамгершилик пазыйлетлерин сәўлелендирген жетик көркем шығармалары, мазмунлы өмири ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, халқымыздың мәнаўиятын жоқарылатыў, жас әўлад тәрбиясындағы әдиўли хызметлерин кең түрде атап өтти.
Әдебий кешеде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының түркий тиллер факультети өзбек тили ҳәм әдебияты бөлиминиң филология илимлери бойынша философия докторы (РhD) Н.Алламбергенованың «А.Арипов дөретпелеринде Ўатанды улығлаў», усы бөлим доценти, филология илимлери бойынша философия докторы (РhD) С.Бекчанованың «А.Арипов дөретиўшилигинде ҳаял-қызлар образы» атамасындағы баянатлары тыңланды.
— Президентимиздиң «Өзбекстан Қаҳарманы ҳәм халық шайыры Абдулла Арипов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда кең көлемли илажлар өткерилмекте, - дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Жавлон Юлдашев. — Ол мәмлекетимиз гимниниң авторы. Гимнди тыңлар екенбиз, елимиздиң ҳәр бир перзентиниң кеўлинде мақтаныш сезими оянады. Шайырдың «Мен не ушын сүйемен Өзбекстанды», «Биринши муҳаббатым», «Сен бәҳәрди сағынбадың ба!» ҳәм басқа да қосықларын сүйип оқыйман.
Буннан соң, институттың талантлы жаслары тәрепинен шайыр дөретпелеринен үзиндилер атқарылып, белсене қатнасқан студент-жаслар музей жәмәәти тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Әдебий кеше қатнасыўшылары Республикалық балалар китапханасы тәрепинен шөлкемлестирилген шайыр дөретпелеринен ибарат китаплар көргизбесин ҳәм музей экспозициясын тамашалады.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.