НУРАНЫЙ ЖУРНАЛИСТТИҢ ЮБИЛЕЙИНЕ АРНАЛДЫ
Абырайлы жумыс орнында қатардағы хызметкер болып жүре берсең де болады, ал, атқарған хызметиң халық тәрепинен туўры баҳаланса, таңлаған кәсибиң сениң өмир мазмуныңа айланса ғана жәмийетте өз орныңды табасаң.
Булай деўимиздиң себеби, жақында Бердақ миллий музейиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Есенбай Ермановтың 80 жыллығына арналған ушырасыўда жоқарыда айтылған пикирлеримиз өз тастыйығын тапты. Ушырасыўда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист К.Реймов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналистлер Қ.Мәдреймов, О.Сәтбаев, Ө.Өтеўлиев, П.Хожамуратовалар Е.Ермановтың «Еркин Қарақалпақстан» газетасының қазанында қайнап, зәбердес журналист болып жетилискен басқышлары, жумыс алып барған дәўирлери ҳаққында айтып берди. Оның өмир жолы, топлаған тәжирийбеси, адамлар менен сөйлесип билиў уқыплылығы, жазыў өзгешелиги, тема таңлап билиў шеберлиги, халық машқаласы ҳаққындағы мақалалары бойынша сөз етилди. Бирге ислескен кәсиплеслери, шәкиртлери, студент жаслар, жас журналистлер Есенбай ағаның усы тараўда жыллар даўамында топлаған тәжирийбеси ҳаққында тыңлай отырып, усы күнге шекем қанша асқар таўлардан асқаны, талай машқалалардан сүрникпей өтиўи, кәсиплеслери арасында ҳүрмет-иззетке бөлениўи, өз қәлемине садық болыўы оның мийтиндей төзимлилигинен, ерк-ықрарының күшлилигинен екенлигин байқады.
Усы газетаға жумысқа орналасқанымда, дәслепкилерден болып Есенбай аға маған мына мәселелерде мақалалар жазсаң, газетаға тез басылып шығады деген еди, шынында да айтылған тема бойынша мақалаларым тез күнде газета бетине басылып шықты,-дейди П.Хожамуратова. Мениң мақалаларымды редакторлап атырғанда, қандай пикирлер билдирер екен, деп ойланып жүргенимде, ол мениң жазғанларымда журналистлик шеберлигим жоқары екенлигин айтып, мени көп қоллап-қуўатлаған еди...
Университеттиң журналистика бөлиминиң кафедра баслығы Д.Бекбаўлиев Е.Ерманов медицина тараўында билим алса да, оның журналистлик таланты жарып шыққанлығы, жазған мақалаларының мазмунының қунлылығы, терең мәнилиги, турмыс тәшўишлери ҳаққындағы гүрриңлери ҳәм бирге ислескен ўақытларында үлги аларлық инсаныйлық пазыйлетлери бойынша қызықлы мағлыўматлар берди.
Е.Ерманов жыллар даўамында «Еркин Қарақалпақстан» газетасының сапалы шығыўында тынымсыз мийнет еткен нураный журналистлерден, себеби, ол жазған мақалалар шарўашылық па, дийқаншылық па, өмир тәшиўишлери ме, барлығында оның анық пикирлери, фактлери көзге тасланады. Сонлықтан да, «фельдшер қалай журналистке айланды» деген гәптиң мәнисиниң түп-тийкары да усыннан шығар. Ол өзиниң мийнеткешлиги, тәжирийбелилиги, адамгершилиги, кәсибине пидайылығы арқасында журналистика тараўында ҳәм кәсиплеслери арасында үлкен ҳүрметке бөленди. Усындай жаста усындай ҳүрмет-иззет ҳәммеге де несип ете бермесе керек...
Т.ЖӘРИМБЕТОВА.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: ушырасыўдан көринислер.