РУЎХЫЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ҲӘМ МӘДЕНИЙ СПОРТ ИЛАЖЫ
Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Әмиўдәрья районлық оқыў ҳәм спорт техника клубында руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений спорт илажы өткерилди.
Бундағы тийкарғы мақсет — республика көлеминде «Биз Ўатансүйиўшилермиз» сүрени астында жасларды әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, техникалық ҳәм әмелий спорт түрлерине қызықтырыў, оларды белсенди пуқаралық позициясына ийе мәмлекеттиң ылайықлы перзентлери етип қәлиплестириў ҳәм шөлкемниң жумысын жасларға кеңнен үгит-нәсиятлаў. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигиниң ғалаба спорт илажларын шөлкемлестириў бөлими баслығы К.Асанов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Қ.Разбеков, Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң жаслар ислери бойынша орынбасары М.Шерметов ҳәм басқалар қатнасып, шығып сөйледи. Сондай-ақ, илажға Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Төрткүл, Қоңырат, Хожели, Кегейли, Шымбай, Қараөзек районларының хызметкерлери ҳәм спортшы жаслары қатнасты.
Илаж 4 бөлимнен ибарат болып, оның 1-бөлиминде ИИМ ЖҲҚ басқармасы хызметкерлери бақлаўы астында Әмиўдәрья районы орайындағы Маңғыт қаласының орайлық көшелери бойлап «Ватанпарвар» шөлкеминиң автомобильлери қатнасында «Үгит-нәсият автокәрўаны» шөлкемлестирилди.
2-бөлиминде қатнасыўшыларға «Ватанпарвар» шөлкеминиң Әмиўдәрья районлық оқыў ҳәм спорт техника клубының автодромында «Ватанпарвар» шөлкеминиң айдаўшылар таярлаўда қолланылатуғын автомототранспорт қураллары ҳәм спорт техникалары таныстырылып, бул техникаларды басқарыўдың көргизбели шығыўлары өткерилди. Ал, тийкарғы 3-бөлиминде «Ватанпарвар» шөлкеминиң Әмиўдәрья районлық оқыў ҳәм спорт техника клубында «Ватанпарвар» шөлкеминиң техникалық ҳәм әмелий спорт түрлеринен саналған «Жазғы биатлон» спорт түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги өткерилди. Оған Нөкис қаласы ҳәм 9 районнан 40 спортшы жаслар (20 ер балалар ҳәм 20 қыз балалар) қатнасты. Жарыс төмендеги тәртипте өткерилди: ер балалардан 5 км аралыққа, ал, қыз балалардан 4 км аралыққа жуўырыў. Олар жуўырыў даўамында жатқан ҳәм турған ҳалатта ҳаўа мылтығынан 10 дана оқ атып, нышанға дәл тийгизиўи керек. Нышанға дәл тийгизе алмаған қатнасыўшыларға болса, нышанға дәл тиймеген ҳәр бир дана оқ ушын 70 метрге жуўырыў жәриймасы белгиленди.
Қызғын беллесиўлер даўамында болып өткен жарыс жуўмағында Әмиўдәрья районынан Шуҳрат Жумабаев финиш сызығына 23 минут 10 секундта жетип келип 1-орынды, Хожели районынан Уснатдин Темирбеков екинши, Төрткүл районынан Уткир Машарипов үшинши орынды ийеледи.
Ал, қыз балалар арасында Елликқала районынан Муқаддас Адамбаева финиш сызығына 23 минут 38 секундта жетип келип, 30 балл топлап, 1-орынды, Әмиўдәрья районынан Умида Базарбаева екинши, Елликқала районынан Муниса Октяброва үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Командалық есапта Әмиўдәрья районы командасы биринши, Елликқала районы командасы екинши ҳәм Хожели районы командасы үшинши орынды ийеледи. Жарыстың кубогын жеңип алған Әмиўдәрья районы командасы жеңимпазлық пенен бирге усы жылдың 10-14-март күнлери аралығында Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы бириншилигине қатнасыў жолламасын қолға киргизди.
Жарыстың соңғы 4-бөлиминде Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Әмиўдәрья районлық оқыў ҳәм спорт техника клубының ханаларында мектеп оқыўшыларына «Жол қағыйдасы өмир пайдасы!» сүрени астында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге бағдарланған түсиндириў жумыслары, жол ҳәрекети қағыйдалары белгилери ҳәм видеороликлер көрсетилди.
Районда болып өткен руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений спорт илажының жуўмағында «Ватанпарвар» шөлкеминиң техникалық ҳәм әмелий спорт түрлеринен саналған «Жазғы биатлон» спорт түриниң жеңимпазлары Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен I, II, III дәрежели медальлар ҳәм дипломлар, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Әмиўдәрья районы.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.
Автордың түсирген сүўретлери.