Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:32:26, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖЕТКИНШЕК» АРҚАЛЫ ЖҮРЕКЛЕРГЕ КИРДИ...

Дөретиўши инсан билимге, саўатқа, талантқа ийе бола бериўи мүмкин, лекин, булардан тысқары айрықша мийнеткешлик, алға илгерилеўшилик, талпыныўшылық, басқарыўшылық уқыпларына ийе болса, ол дөретиўши бийик шоққыларға ерисип, әтирапындағыларға өзиниң ислеген жумыслары арқалы өрнек болыўы менен бирге олардың инсаныйлық пазыйлетлериниң артыўына тәсир жасайды...

Булай деўимиздиң себеби, Қарақалпақстан журналистикасында ҳаял-қызларымыз салмақлы жумысларды әмелге асырып, мәлим дәрежеде жетискенликлерге ериспекте. Усылар қатарында белгили шайыр апамыз, қалаберсе «Жеткиншек» газетасында көп жыллар редакторлық еткен дәўиринде оның абырайының өсиўине үлес қосқан, бүгинги күнде еркин дөретиўши Гүлнара апа Нурлепесова «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды. Бул орден 8-март ­ Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында берилиўи шайыр Гүлнара апамызға болған үлкен ҳүрмет, иззет екенлигин билдирсе керек...


Сүўретте Гүлнара Нурлепесова шептен екинши

­ Шынында да, мен ушын бул орден жыллар даўамындағы машақатлы мийнетлеримниң жемиси ҳәм дөретиўши ҳаял-қызларға болған шексиз итибардың нәтийжеси деп билемен, - дейди сәўбетимиз даўамында Г.Нурлепесова қуўаныштан. ­ Әўели ҳаял ­ ана, ал, ол шаңарақтың берекети, уйытқысы, жәмийеттиң тиреги есапланады. Шаңарағы тыныш, перзентлери баўырында аман жүрген ана ең бахытлы ана деп ойлайман. Мине, байрам қарсаңында мийнетлерим баҳаланып, орденди көкирегинен тағар екенмен, кеўлимнен бир ғана сезим өтти, яғный ең бахытлы ана, ҳаял ҳәм дөретиўши инсан екенлигимнен сүйсинип кеттим...

Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳаял-қызларымыздың саламатлығы жолында ҳәм жәмийетте өз орнын белгилеўинде көплеген басламаларды алға сүрмекте. Усындай жоқары итибар қаратыўының нәтийжесинде елимизде ҳаял-қызлар басшы лаўазымларда ерлер менен бир  сапта турып, өз ўазыйпаларын миннетли атқарып келмекте. Усындай мәрт, билимли, мийнеткеш ҳаял-қызларымыз өзлериниң умтылыўшаңлығы, талапшаңлығы менен жас қызларымызға үлги болмақта. Сонлықтан да, шайыр Г.Нурлепесованың қосықларында әсиресе, қызлар ийбеси, шыдамлылығы, төзимлилиги, балажанлылығы көбирек жырланады. Оның қосықларын тереңирек оқысақ, қызларымыз үйимиз пайызы болыўы менен бирге ертеңги күнимиздиң меҳрибан аналары, опалы өмирлик жолдас... Қосықларының мазмуны терең ҳәм мәнили, ал, қурғақ, сыйқасы шыққан сөзлерди ушыратпайсаң. Шайыр  талай машақатлы жолларды басып, асқар таўлардан асып, өмирлик тәжирийбеси мол болғанлықтан қосықлары оқыў­шылар қәлбиниң төринен орын алыўы да тосыннан болмаса керек. «Жеткиншек» газетасында редакторлық еткен ўақтында, редакция оның екинши үйине айланды, десек асыра айтқан болмаймыз. Оның сапалы ҳәм мазмунлы болып шығыўында бир қанша мийнет етти. Газетаның жемисли шы­ғыўы арқалы көплеген нәўше журналистлер өсип, дөретиўшилиги кеңейди.

Г.Нурлепесованың усындай мийнетлери, излениўшеңлигиниң арқасында «Дўстлик» ордени өзиниң ҳақыйқый ийесин тапты...

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF